Масақлы дән егинлери туқымгершилиги Республикалық орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы болып ислеп киятырған Бегжанов Ислам Баҳадырович Нөкис районы ҳәкиминиң аўыл хожалық ислери бойынша орынбасары етип тайынланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Мағлыўмат ушын, Ислам Бегжанов 1987-жылы Шымбай районында туўылған. 2010-жылы Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалын питкерген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги