Жақында Самарқанд қаласында болып өткен «Сиз нызамды билесиз бе?» таңлаўының финаллық басқышында Нөкис социал-экономикалық колледжиниң командасы және жеңимпаз болды.

– 2013-жылда да колледжимиз командасы усы таңлаўда биринши орынды ийелеп қайтқан еди, – дейди жеңимпаз «Истиқлол қанотлари» командасының басшысы Камалатдин Мәмбетзадаев. – Таңлаў уставы бойынша бизлер жеңген команда сыпатында үш жылға шекем таңлаўға қатнаса алмайтуғын едик. Үш жыллық күшли таярлықтан соң быйыл және биринши орынды алып қайттық.

Таңлаўға ўәлаятлардан, Ташкент қаласы ҳәм республикамыздан жәми 14 команда қурамында 112 жас қатнасып, өзлериниң сиясий, ҳуқықый саўатлылығын сынақтан өткерди.

Колледждиң және бир жеңиси – Өзбекистан Республикасы Орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў орайы менен Уллы Британияның Өзбекистандағы кеңеси бирликте шөлкемлестирген «Ең жақсы инновацион пикирлеў» таңлаўында да бириншилик усы колледждиң командасына несип етти. Таңлаўға «Экообойлар» жойбарын усынған команда келешекте оны әмелге асырыўы ушын 2 миллион сум менен сыйлықланатуғын болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги