Елимиз бойлап Наўрыз байрамы салтанатлары еле даўам етип атырған ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине қараслы Тақыятас районындағы «Балалар үйи»ниң бес тәрбияланыўшысының сүннет тойы болып өтти.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда  Тақыятас районының ҳәкими Фархад Алламбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Данияр Хаджиев, Тақыятас районының прокуроры Абат Жумамуратов шығып сөйлеп, жыйналғанларды улыўмахалықлық Наўрыз байрамы ҳәм тәрбияланыўшылардың сүннет тойы менен қутлықлады. Қуўанышлы тойлары өткерилип атырған жас нәрестелер Аллаяр Базарбаев, Мехриддин Равшанов, Алибек Жаббарбергенов, Аврам Еримбетов ҳәм Элдар Байрамбаевлардың келешекте елимизге белгили инсанлар болып жетисиўине тилеклеслик билдирди. Ҳәр бир балаға «Өзсанаатқурылысбанк» акционерлик-коммерциялық банкиниң районлық филиалынан 3 миллион сумнан ашылған аманат дәптершеси салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 14-марттағы «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик қәўипсизлиги системасын жетилистириў ҳаққында»ғы пәрманы менен қайта шөлкемлестирилген Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети қәўендерлигинде 2015-жылы Балалар үйиниң имараты ири оңлаўдан шығарылды. Нәтийжеде тәрбияланыўшы нәрестелерге барлық қолайлы шараятлар жаратылды.

-Тәрбияланыўшыларымыздың сүннет тойын ҳәр жылы көтериңки руўхта өткериў дәстүрге айланбақта,-дейди «Балалар үйи»ниң бас шыпакери Анжела Омирова.-Бүгинги илажға район ҳәкимлиги, министрликлер менен ведомстволардың, ҳуқық қорғаў уйымларының, кәрхана, мәкемелердиң басшылары, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери өзлериниң саўғалары менен қатнаспақта. Буның ушын оларға шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

Усы күни тәрбияланыўшыларға Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, республика Прокуратурасы, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, район ҳәкимлиги, қәўендер мәкемелердиң атынан баҳалы саўғалар тапсырылды.

Республикамыз көркем өнер шеберлериниң рәңбәрең концерт бағдарламасы балаларға қуўанышына қуўаныш бағышлады. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Мақсет Өтемуратов, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Раджив Атаджанов, «Ниҳол» сыйлығының ийеси Гүлназ Өтепова ҳәм басқа да талант ийелери, Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры артистлери, Хожелидеги 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»ниң «Таң жулдызлары» ансамбли ағзалары,  «Балалар үйи»ниң тәрбияланыўшылары тәрепинен атқарылған түрли миллеттиң қосық ҳәм аяқ ойынлары илаж қатнасыўшыларында айрықша тәсир қалдырды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.