Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 187-статьясына муўапық алкоголь өнимлерин:

– жумыс орынларында, көшелерде, стадионларда, дем алыў бағларында, жәмийетлик транспортлардың барлық түрлеринде;

– басқа жәмийетлик орынларда (тойлар, юбилейлер ҳәм басқа салтанатлы мерекелер өткерилетуғын орынлар, сондай-ақ, алкоголь өнимин қуйып реализациялаўға руқсат етилген саўда ҳәм улыўмалық аўқатланыў объектлери буған кирмейди) пайданалыныў – ең кем мийнет ҳақының екиден бир бөлеги муғдарында жәрийма салыўға себеп болады;

– усындай ҳуқықбузыўшылық ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғанынан кейин бир жыл даўамында қайталанса – ең кем мийнет ҳақысының екиден бир бөлегинен еки есесине шекемги муғдарда жәриймаға тартыўға ямаса он бес суткаға шекем ҳәкимшилик қамаққа алыўға себепши болады. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Еслетип өтемиз, әмелдеги нызамшылыққа муўапық пиво да алкоголь өними болып есапланады (алкогольсыз пиводан басқалары).

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги