Пайтахтымызда елимизде исбилерменлик тараўында жоқары нәтийжелерге ерискен бир топар исбилерменлер менен жаслардың ушырасыўлары болып өтти.

Мийманлар дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде болып, жас исбилерменлер менен ушырасты. Илаж қатнасыўшыларын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қутлықлап, ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында елимизде исбилерменлик орталығын буннан былай да еркинлестириў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин  ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы демократиялық мәмлекет қурыў ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бағдарындағы реформаларда жаслардың белсендилигин арттырыў менен байланыслы бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди. Усы ўазыйпаларды әмелге асырыўда Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 5-июльдеги «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекистан жаслар аўқамының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы пәрманы айрықша әҳмийетке ийе болды. Өзбекистан Жаслар аўқамы шөлкемлестирилген 30-июнь сәнеси елимизде «Жаслар күни» сыпатында белгиленди. Жаслардың заманагөй кәсип-өнерлерди пуқта ийелеўи ушын мүнәсип шараятларды жаратыў, бәнтлигин тәмийинлеў, басламаларын хошаметлеў, интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыўға көмеклесиў жаңадан шөлкемлестирилген жаслар аўқамы жумысының әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында белгиленди. Соның менен бирге, Президентимиздиң республикамызда исбилерменликти раўажландырыў, халықтың, соның ишинде, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге болған айрықша итибары нәтийжесинде 6 районда, яғный, Әмиӯдәрья, Беруний, Қоңырат, Тақыятас, Хожели ҳәм Шымбай районларында киши санаат зоналарын шөлкемлестириӯ нәзерде тутылған.

Мийманлар пайтахтымыздағы «Жаслар орайы»нда болып, бул жерде өнермент А.Нурымбетова тәрепинен таярланған балалар ҳәм ҳаял-қызлар ушын арналған миллий кийимлер коллекциясы көргизбесин тамаша етти. Сондай-ақ, орайда ҳәрекет етип турған дөгереклердиң жумыслары менен танысты. Жас исбилерменлердиң жойбарын таныстырыў мәресими, өз-ара пайдалы пикир алысыўлар болды.

Илаж қатнасыўшылары И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде, пайтахтымыздағы «Кардар» ҳәм «Муратбек мебель» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлеринде болып, алып барылып атырған жумыслар менен танысты.

Усы күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Табысқа ерисиў сырлары» темасында мастер класс өткерилди. Илажда Халықаралық бизнес ҳәм технологиялар ассоциациясының баслығы Ҳикмат Абдурахманов, «Dekos» кәрханасының тийкарын салыўшы Хасан Мамасаидов,  «Deli» кәрханасының тийкарын салыўшы Хусан Мамасаидов, , «Murad Buildings» кәрханасының тийкарын салыўшы Мурат Назаров, «O’zbek-Xitoy Savdo Uyi» кәрханасының тийкарын салыўшы Улуғбек Холматов, «Raynet», , «LeBazar» кәрханаларының тийкарын салыўшы Батыр Арифанов, «My Taxi» кәрханасының тийкарын салыўшы Акмал Пайзиев,  «Orient Capital Management» кәрханасының баслығы Анвар Ирчаев шығып сөйлеп, өзлериниң мийнет жолы, исбилерменликке дәслепки қәдемлери, елимизде жас исбилерменлерге жаратылған шараятлар бойынша кең түрде мағлыўматлар берди. Жаслар өзлерин қызықтырған бир қатар сораўларға жуўап алды.

-Жаслар аўқамының басламасы тийкарында Глобал исбилерменлик тармағы менен биргеликте елимиз бойлап биринши мәрте өткерилген илажға мыңға шамалас жас исбилермен, фермер, «Бизнес клуб» ағзалары, жәмлеспеген  жаслар қатнасты ҳәм бул оларда айрықша тәсир қалдырды,-дейди Өзбекистан жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Гәўҳар Реджепова.- Бундай илажлардың өткерилиўи исбилерменликке жаңа қәдем таслап атырған жасларымыз ушын ҳақыйқый тәжирийбе мектеби болып хызмет етеди.

-Илаж шеңберинде жаслардың белсендилиги бизлерде айрықша тәсир қалдырды,-дейди «Deli» кәрханасының тийкарын салыўшы Хусан Мамасаидов.-Соның менен бирге, аймақта исбилерменликти раўажландырыўда бир қанша имканиятлардың бар екенлигиниң гүўасы болдық.

«Табысқа ерисиў сырлары» темасындағы бундай ушырасыўлар келешегимиздиң қурыўшылары болған жасларымыздың исбилерменлик қәбилетин буннан былай да раўажландырыў, оларды киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке кеңнен тартыўда айрықша әҳмийетке ийе болды.

 

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.