Жақын күнлерде пайтахтымызда улыўмахалықлық Наўрыз байрамына бағышланып «Аспазлар таңлаўы» жарысы болып өтеди.

Таңлаўда қала ҳәм районлардағы ресторан, кафе ҳәм асханалардан 40қа шамалас аспаздың қатнасыўы күтилмекте.

-Елимизде туризмди раўажландырыў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырған бир пайытта бундай таңлаўларды өткериў айрықша әҳмийетке ийе,-дейди «Қарақалпақ улыўма аўқатланыў» кәрханалары бирлеспесиниң баслығы Гүлмирза Юлдашев.-Мақсетимиз, республикамызға келип атырған көп санлы туристлерге хызмет көрсетиў мәдениятын арттырыў, оларға өзиниң айрықша мазасы менен ажыралып туратуғын миллий тағамларымызды көрсетиў, умытылып баратырған тағамларды қайта тиклеў, соның менен бирге тараўға жасларды көбирек тартыў болып табылады. Сонлықтанда, таңлаў қатнасыўшыларынан тек миллий тағамлар емес, ал шет ел тағамларын таярлаў, өзиниң үлгили хызмет етиў мәдениятын көрсетиўи талап етиледи.

 

Таңлаў қатнасыўшыларын тәрепинен таярланған тағамлар Өзбекстан Аспазлар бирлеспеси, халықаралық аспазлық орайы, «Қарақалпақ улыўма аўқатланыў» кәрханалары бирлеспеси, санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайы ўәкиллеринен ибарат төрешилер қурамы баҳалап барады. Илаж жуўмағында биринши, екинши, үшинши орын ийелери, сондай-ақ, «Ең жас аспаз», «Ең жақсы салат», «Ең жақсы шет ел тағамы», «Ең жақсы миллий тағам», «Ең жақсы үлгили аспаз», «Илаждың белсенди қатнасыўшысы» номинациясы жеңимпазлары анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланады.

Еслетип өтемиз, бул жарыс Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 23-февральдағы «2018-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Қарақалпақ улыўма аўқатланыў» кәрханалары бирлеспесиниң менен Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликтеги илажлары шеңберинде улыўма аўқатланыў тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлер арасында  усы жарысты өткериў бойынша қабыл етилген тийисли қарарға муўапық өткериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.