Усы жылдың 6-апрель күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў қағыйдаларының 107-бәнтине қосымша киригизиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Қарарға муўапық, ПҲАЖ органы ерли-зайыпты жарастырыў бойынша тийисли илажларды көриў ушын ерли-зайыплының бирге жасаў орнындағы пуқаралар жыйынының жарастырыў комиссиясын, егер олар бирге жасамай жүрген болса, ҳәр бириниң жасаў орнындағы пуқаралар жыйынының жарастырыў комиссиясын некеден ажыратыў ҳаққындағы арза берилген күннен баслап 3 күннен кешиктирмей жазба түрде хабардар етиўи керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги