Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниӊ 26 жыллығы мүнәсибети менен «Пидайыӊ болғаймыз сениӊ, Өзбекистан!» ураны астында усы жылдыӊ 18-июль күни Тахтакөпир районы ҳәм 19-июль күни Мойнақ районында Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист, «Ниҳол» сыйлығы лауреаты Жеӊисбек Пиязовтыӊ жеке қайырқомлық концерти өткериледи.

Концерт усы районлардағы мәденият ҳәм халықтыӊ дем алыў орайында саат 17.00де басланады.

Концертке барлық қәлеўшилер қатнасыўына болады.