Усы жылдың 8-апрель сәнесинде Төрткүл районында саат 15:20 да 1972-жылы туўылған Ш.Атажоновтың басқарыўындағы «Cobalt» автомобили жолдың шетине аўдарылып кетти. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.

Мағлыўматта келтирилиўинше, транспорт басқарыўшысы ўақыя жүз берген жердиң өзинде, оның өмирлик жолдасы ҳәм ержетпеген баласы болса емлеўханада қайтыс болған. Ш.Атажоновтың әжапасы У.Атажонова ержетпеген ақлығы менен емлеўханаға жатқарылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги