Миллий баспасөз орайында Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен баспасөз әнжуманы өткерилди.

Онда Президентимиздиң 2017-жыл 16-ноябрьдеги республикамыздағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриатына кириў тест сынақларын өткериў тәртибин жетилистириў ҳаққындағы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы туўралы сөз болды.

Қарарға тийкарланып, жоқары билимлендириў орынларына оқыўға кириў ушын өткерилетуғын тест сынақлары бойынша үлкен өзгерислер болды. Бул өзгерислер бойынша Мәмлекетлик тест орайында басқа шөлкемлер менен биргеликте кең көлемли жумыслар алып барылды. Комплексли илажлар, оларды әмелге асырыў механизмлери ислеп шығылды.

Келешекте жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын тест сынақлары 15 күнде, ҳәр күни еки сменада өткериледи. Күнлик тест тапсыратуғын абитуриентлердиң саны орташа 57000-60000 ды қурайды. Тест материаллары китап типлери тийкарында таярланып, бир типтеги илимлер комплексине сәйкес келетуғын билимлендириў бағдарлары бойынша тест сынақлары өткерип барылады.

Нәтийжелерди тест сынағы өткерилген күнниң ертеңине Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында жәриялаў ушын жуўаплар бетин тез оқыйтуғын 2 дана «INSIGHT 150» оптикалық сканери сатып алынбақта. Бул бойынша АҚШ компаниясы менен шәртнама дүзилди. Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында тест сынақларын өткериў ушын үлкен сыйымлылықтағы павильонлар, көп орынлы имаратлар, колледжлердиң, шөлкемлердиң сыйымлылығы үлкен имаратлары үйренип шығылып, олардан жәми 57 имарат таңлап алынды. Олардың ең кишиси 240, ең үлкени 6150 орынлық болып есапланады.

Быйылғы тест сынақларына 2100 ге шамалас бақлаўшы тартылыўы нәзерде тутылған. Олар ушын семинар шынығыўлары өткериледи. Таңлап алынғанларға арнаўлы сертификатлар тапсырылады.

Абитуриент имаратқа шахсты идентификациялаў қуралы, видеофиксация қурылмалары, металлодетектор арқалы киргизиледи. Тест процеси үзликсиз видеобақлаў астында өтеди. Ҳәзирги күнде имаратларды жетерли муғдарда стол-стул, жазыў тахтасы (доскалар) және техникалық қураллар менен тәмийинлеў, орнатыў бойынша дәслепки басқыш жумыслары жуўмақланды. Абитуриентлердиң ата-аналары тест сынағы процесин турақлы бақлап барыў имканиятына ийе болады.

Мәмлекетлик тест орайындағы штатлардың саны 150 ге көбейтилди. Мәкемеде бас басқарма, басқармалар менен бөлимлерден ибарат жаңа структуралар әмелде болады. МТОның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлардағы бөлимлерине 35 штат бирлиги ажыратылды.

Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриатына оқыўға қабыллаў бойынша тест сынақларын өткериў тәртиби ҳаққында Реже қайта ислеп шығылып, Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 3-апрельдеги тийисли қарары менен тастыйықланды. Онда тест сынағын өткериўге байланыслы атамаларға түсиник берилген. Аудитория, аудитория басшысы атамалары ушыраспайды. Жоқары билимлендириў мәкемесиниң қабыллаў комиссиясы тест сынағы процеслеринде қатнаспайды, баслық ҳәм жуўаплы хаткер буған кирмейди. Тест сынақлары күндизги, арнаўлы сыртқы ҳәм кешки (сменалы) билимлендириў ушын ҳәр жылдың 1-августынан  15-августына шекемги мүддетте күнине еки сменада өткериледи. Биринши смена саат 8:00 де, екинши смена 15:00 те басланады. Тест сынақлары өткерилетуғын сәне ҳәм ўақыт Абитуриенттиң руқсатнамасында көрсетиледи. Өткерилген тест сынағы бойынша видео жазыўлар Мәмлкекетлик тест орайында сақланады.

Сораўлар китабында 3 пәннен тест сынағы тапсырылатуғын билимлендириў бағдарлары ушын 90, 2 пәннен тест сынағы тапсырылатуғын билимлендириў бағдарлары ушын 60, 1 пәннен 30 сораў болады. Тест тапсырмаларын орынлаў ҳәм жуўаплар бетине толтырыў ушын 30 тест тапсырмасына 1 саат, 60 тест тапсырмасына 2 саат, 90 тест тапсырмасына 3 саат ўақыт ажыратылады. Тест сынағы өткерилмейтуғын билимлендириў бағдарлары бойынша айрықша талант талап етилетуғын билимлендириў бағдарларының дизими қәлиплестирилди ҳәм тийисли шөлкемлерге тапсырылды.

Баспасөз әнжуманында ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң сораўларына толық жуўап берилди.

Н.УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы