Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-апрель күни Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде пайтахтымыз районларында болды.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Өзбекстан Илимлер академиясының академик Сабыр Юнусов атындағы Өсимлик химиялық затлары институтына барды. Институттың тийкарғы бағдарлары, илимий ҳәм өндирислик потенциалы менен танысты.

Өзбекстан Илимлер академиясы Өсимлик химиялық затлары институтында тәбийғый бирикпелер химиясы, биологиясы ҳәм технологиясы тараўында үлкен илимий мектеп қәлиплескен. Бүгинги күнде бул мәкемеде 159 илимий хызметкер тәбийғый бирикпелер химиясын үйрениў, солар тийкарында медицина ҳәм аўыл хожалығы тараўлары ушын дәрилик қураллар ҳәм химиялық препаратлар жаратыў бойынша фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлер алып бармақта.

Ғәрезсизлик жылларында бул жерде 500 ден аслам түрдеги өсимликтиң химиялық қурамы үйренилип, олардан 1 мың 200 ден зыят элемент ажыратып алынған. 246 жаңа алкалоид, 100 ден артық феноль бирикпелери, 50 ден зыят терпеноид бирикпелердиң химиялық дүзилиси дәлилленген. 5 мыңнан артық гетероциклик бирикпе синтезленип, олардың белсендилиги үйренилген.

Институт жанындағы тәжирийбе-өндирислик кәрханасында 20 ға шамалас дәрилик қурал субстанциялары ислеп шығарылмақта, жылына 100 тонна өсимлик шийки заты қайта исленбекте. 2017-жылы Россия Федерациясы, Франция, АҚШ сыяқлы мәмлекетлерге 2,5 миллион доллардан аслам муғдардағы биологиялық актив субстанциялар экспорт етилген. Сондай-ақ, елимиздиң фармацевтика кәрханаларына субстанциялар жеткерип берилмекте.

Шавкат Мирзиёев бул мәкеме өзиниң илимий потенциалы менен тек мәмлекетимизде ғана емес, ал, Орайлық Азияда жетекши орынларда туратуғынын, бул жерде жаратылып атырған жаңалықлар фармацевтика санаатын раўажландырыўда әҳмийетли орын тутатуғынын атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысының 2016-жыл 16-сентябрьдеги «2016-2020-жылларда республика фармацевтика санаатын буннан былай да раўажландырыў илажлары бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарында фармацевтика тараўын раўажландырыў, сырт еллерден келтирилетуғын дәрилик қуралларды жергиликли шийки заттан ажыратып алыў технологияларын ислеп шығыў ҳәм оларды терең қайта ислеў тийкарында жаңа дәрилик қуралларды жаратыў бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Усыған муўапық, Өсимлик химиялық затлары институтында халықаралық талапларға жуўап беретуғын GMP заводы қурылмақта.

Буның нәтийжесинде жылына 500 тоннадан аслам өсимлик шийки затын терең қайта ислеў имканияты жаратылады. Быйылғы жылдан баслап 30 дан аслам тәбийғый таза, импорттың орнын басатуғын ҳәм экспортқа бағдарланған дәрилик қуралларды ислеп шығарыў жолға қойылады.

Президентимиз бул кәрхана менен танысты, илимпазлар тәрепинен таярланған биологиялық актив субстанцияларды көзден өткерди.

­ Дәри субстанциялары фармацевтика санаатының тийкарғы факторы. Бул ушын өсимликлерди терең қайта ислеў, жәҳәнниң илимий жетискенликлерин үйренген ҳалда, бүгинги күнде талап жоқары болған препаратларды жаратыў, жергиликлестириў дәрежесин арттырыў зәрүр, ­ деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы институттың мәжилислер залында министрликлер ҳәм ведомстволар, жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм ӨзРИА илимий-изертлеў институтларының басшылары, академиклер, илимпазлар, жас изертлеўшилер менен пикирлести. Онда елимизде илимпазлар, академиклер менен турақлы ушырасып  турыў дәстүрге айланғаны, Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында илимди раўажландырыўға қаратылып атырған үлкен итибар базар экономикасы шараятында бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаў ҳәм тараўды раўажландырыўда әҳмийетли фактор болып атырғаны атап өтилди.

­ Барлық тараўдың келешеги сизлерге, илимге байланыслы. Буннан кейин елимизге келип атырған ҳәр бир сырт ел инвестициясының белгили бир проценти илимди раўажландырыўға ҳәм илимий кадрлар таярлаўға бағдарланады. Илим раўажланса ғана ертеңги күнимизди көз алдымызға келтире аламыз, ­ деди елимиз басшысы.

Ушырасыўда шығып сөйлеген илимпазлар Президентимиздиң күни кеше қабыл етилген «Республика жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары оларға үлкен қуўаныш, материаллық ҳәм руўхый хошамет бергенин, буннан былай бар билим, күш-ғайрат ҳәм жигерин илимди раўажландырыўға қарататуғынын айрықша атап өтти.

Буннан кейин Президентимиз Яшнабад районындағы заманагөй әскерий қалаша қурылысы менен танысты.

Елимиздиң қорғаныў потенциалын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар процесинде әскерий хызметкерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, олар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыўға турақлы итибар қаратылмақта.

Пайтахтымыздың Яшнабад районы «Алмас» мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағында қурылып атырған көп қабатлы жаңа жайлар да онлаған әскерий хызметкерлердиң шаңарағына бир дүнья қуўаныш алып келетуғынына гүман жоқ.

Президентимиздиң 2017-жыл 13-январьдағы «2017-2020-жылларда қалаларда арзан көп квартиралы жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў бағдарламасын нәтийжели әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық бул жерде 48 бес қабатлы жай бой тиклемекте.

Жойбарға бола, биринши басқышта 540 шаңараққа мөлшерленген 5 қабатлы 18 жай қурылмақта. Буйыртпашы ­ «Қишлоқ қурилиш инвест» ИК, жойбарлаў жумыслары ­ бас жойбарлаўшы «Қишлоқ қурилиш лойиҳа» институты тәрепинен ислеп шығылған. Қурылыс-монтажлаў жумыслары 12 жумысты бөлип алып ислеўши шөлкем тәрепинен тастыйықланған тармақ кестелер тийкарында әмелге асырылмақта.

Қурылыс жумысларына 30 дан аслам техника ҳәм 2000 ға шамалас тәжирийбели инженер ҳәм жумысшы хызметкерлер тартылған. Бүгинги күнге шекем гербиш өриў жумыслары тамамланып, сантехника, пардозлаў ислери орынланбақта.

Мәмлекетимиз басшысы аймақта әмелге асырылған қурылыс жумыслары, орынларда жаратылып атырған шараятлар менен танысты.

­ Шегараларымыздың қол қатылмаслығын қорғап атырған әскерий хызметкерлеримиздиң турмыс шараятын жақсылаў бағдарындағы реформалар буннан кейин де избе-из даўам еттириледи, – деди Президентимиз. ­ Олардың перзентлериниң тәлим-тәрбиясы ҳәм социаллық жақтан қорғалыўы турақлы итибарымызда болады.

Екинши басқыш шеңбериндеги 900 шаңараққа мөлшерленген 5 қабатлы 30 жайдың қурылысы да қызғын даўам етпекте. Буйыртпашы ­ «Ўзшаҳар қурилиш инвест» ИК, бас жойбарлаўшы ­ «Қишлоқ қурилиш лойиҳа» институты.

Барлық шараятқа ийе заманагөй әскерий қалаша болатуғын бул жерде балалар бақшасы, мектеп, поликлиника ҳәм басқа да социаллық объектлер қурылады. Жайлар Ўатан қорғаўшыларына жеңилликли кредит тийкарында бериледи.

Шавкат Мирзиёев жайларды өз ўақтында ҳәм сапалы етип жуўмақлаў бойынша жуўапкер шахсларға тийисли көрсетпелер берди. Усы жерде ҳуқық қорғаў уйымларының жуўапкер шахслары менен пикирлести.

Елимиз басшысы Яшнабад районындағы Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме-коммуникация технологиялары бағдарына тийисли пәнлерди тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектептиң қурылыс жойбары менен танысты. Мектеп имараты Президентимиздиң 2017-жыл 14-сентябрьдеги «Муҳаммад ал-Хорезмий  атындағы мәлимлеме-коммуникация технологиялары бағдарына тийисли пәнлерди тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектепти шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық қурылмақта.

Қурылыс-монтажлаў жумыслары «Юксак парвоз қурилиш» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшылары тәрепинен әмелге асырылатуғын мектеп 1 мың 470 оқыўшыға мөлшерленген. Буннан тысқары, ўәлаятлардан келип оқыйтуғын оқыўшылар ушын 300 орынлық жатақхана да қурылады. Мектепте оқыўшылардың пуқта билим алыўы ушын барлық шараят жаратылады. Атап айтқанда, өз бетинше ислеўи, қәбилетин раўажландырыўы ушын арнаўлы үскенелер менен тәмийинленген қосымша бөлмелер, аудиториялар, тәбийғый пәнлер лабораториялары, информатика бөлмелери, робототехника устаханалары, спорт майданшалары ҳәм жүзиў бассейни қурылады. Сондай-ақ, ҳәр бири 500 орынға мөлшерленген мәжилислер залы, асхана ҳәм 20 мың китап фондына ийе китапхана оқыўшылар ықтиярында болады.

Бул қәнигелестирилген мектептиң шөлкемлестирилиўи елимизде мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўында кадрлар таярлаў, жасларды уллы бабаларымызға мүнәсип мийрасхорлар етип тәрбиялаў ҳәм заман талапларына жуўап беретуғын қәнигелерге болған мүтәжликти қанаатландырыўға хызмет етеди.

­ Ең жақсы қәнигелер таярлайтуғын орай усы жерде болады. Бул мектепке ўәлаяттан талантлы балаларды таңлаў тийкарында қабыл етиў лазым. Бул жерде сондай орталық жаратыў керек, олар билимди тийкарынан электрон қураллар арқалы алсын, ­ деди Президентимиз.

Шавкат Мирзиёев 2017-жылдың 28-октябрь күни пайтахтымыздың Яшнабад районында қурып питкерилген «Ашхабад парки»н барып көрген, парктиң әтирапы, оған тутас аймақларды және де абаданластырыў бойынша жуўапкер шахсларға тапсырмалар берген еди.

Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы тийкарында бул жерде заманагөй мәденият ҳәм дем алыс бағы комплексиниң екинши басқыш қурылыс жумыслары баслап жиберилди. Улыўма майданы 12 гектарлық парк ишинде 26 аттракцион болған бир үсти жабық объект, ашық типтеги 31 ойын аттракционлары, нураныйлар мәсканы, саўғалар дүканы ҳәм басқа да саўда шақапшалары қурылды.

Президентимиз «Ашхабад парки»нде алып барылып атырған жумыслар менен танысты.

Паркке кирер жерде түркмен миллетиниң мәртлик ҳәм қаҳарманлық тымсалы болған ахалтеке атлары сәўлелендирилген бир пүтин композиция қурылған. Бул жердеги үскенелер түркмен миллий архитектура дәстүрлерин өзинде жәмлеген болып, қарағай, қырым қарағайы, ҳинд сирени, емен, каштан, магнолия, аризона кипариси, салвия, көгис шыршалар егилген. Келиўшилердиң кеўилли дем алыўы ушын орынлықлар, велотрассалар, фонтанлар орнатылған. Амфитеатр ҳәм кафе дем алыўшылар хызметинде.

Қурылыс жумысларына 24 техника ҳәм 500 ге шамалас тәжирийбели жумысшы-инженер тартылған.

«Ашхабад парки» заманагөй мәденият ҳәм дем алыс бағы комплексинде 180 жумыс орны жаратылыўы нәзерде тутылған болып, бағдың жақын күнлерде пайдаланыўға тапсырылыўы күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы «Tоshkent Сity» халықаралық исбилерменлик орайы аймағында бой тиклеп атырған заманагөй объектлердиң қурылысы менен танысты.

Дәўир тезлик пенен өзгерип, заманагөй технологиялар турмысымызға барған сайын терең кирип киятырған ҳәзирги күнде қала қурылысында инновациялық жойбарлар, жаңа қурылыс усыллары ҳәм көзқараслар пайда болмақта. Бундай көзқараслар раўажланған еллерде «Келешек қаласы» ямаса «Жаңа қала» деп аталмақта.

Пайтахтымыздың Әлийшер Наўайы, Алмазар, Ислам Кәримов ҳәм Фурқат көшелери аралығындағы 80 гектар майданда қурылып атырған «Tоshkent City» халықаралық исбилерменлик орайы усындай заманагөй орайлардан болады. Жойбарға муўапық, бул жерде бизнес-орайлар, саўда комплекслери, мийманханалар, офислер, Конгресс-холл, көргизбе заллары, көп қабатлы заманагөй жайлар, социаллық ҳәм басқа да объектлер қурылады.

Бүгинги күнде «Tоshkent Сity» аймағында Конгресс-холл ҳәм заманагөй мийманхана қурылысы жедел пәтлерде алып барылмақта. Конгресс-холл жоқары мәртебели мийманлардың қатнасыўында халықаралық әнжуманларды өткериўге мөлшерленген болып, ҳәзирги пайытта сырт елли қурылысшы-инженерлер тәрепинен «Jet grout» технологиясы тийкарында қазық қағыў ҳәм тырнағын қалаў жумыслары орынланбақта.

Жигирма қабаттан ибарат бес жулдызлы мийманхана ең заманагөй қолайлылықларды өзинде жәмлейди. Бул мийманханада да абырайлы әнжуманлар өткериў ушын заллар, ресторанлар, салонлар, бассейнлер қурылады. Еки объекттен бир-бирине арнаўлы көпир арқалы өтиў мүмкин болады.

Президентимиз жойбарлар менен танысып, бул объектлерди ең заманагөй технологиялар ҳәм архитектуралық өлшемлер тийкарында қурыў зәрүрлигин атап өтти.

-«Tоshkent Сity» қала ишиндеги жаңа қала болыўы керек, бул қалаша үлкен пәтлер менен раўажланып атырған Өзбекстанымыздың бар потенциалын өзинде толық көрсетиўи зәрүр, ­ деди Шавкат Мирзиёев.

Қурылысты тезлетиў, объектлерди 2019-жыл август айында пайдаланыўға тапсырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Елимизде әмелге асырылып атырған үлкен қурылыс жумыслары, жүз берип атырған өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар Ўатанымыздың жоқары экономикалық потенциалын көрсетип, халқымыздың абаданлығын буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.

ӨзА.