Быйыл Нөкис қаласындағы 16 көшеде ири капитал оңлаў жумыслары алып барылады. Ал, 21-22-киши районларда ҳәм басқа да көп қабатлы жайлардың алдына балалар майданшасы салынып, жайларды шиферлаў, әтирапында абаданластырыў жумыслары алып барылады.

– Өткен жылдан берли А.Досназаров көшеси бойынан 7, Е.Алакөз көшеси бойынан 31 көп қабатлы турақ жайлар бой көтерген еди. Бүгинги күни олардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте. Қалада быйыл жәми 12 ири объект қурылыўы режелестирген болып, бир қатар орынларда реконструкциялаў, ири оңлаў жумыслары алып барылады,-дейди Нөкис қаласы ҳәкими Парахат Төрешов.

Нөкис қаласында быйыл жаңадан 20 дан аслам көп қабатлы  турақ жай салыныўы  режелестирилген. Бүгинги күнге келип усы қурылыс объектлери ушын жер орынлары ажыратылып, жумыслар баслап жиберилген.

Еслетип өтемиз, қаладағы быйылғы қурылыс жумыслары ушын «Инвестиция бағдарламасы» тийкарында Билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қоры, жергиликли бюджет ҳәм Арал бойы регионын раўажландырыў қоры есабынан жәми 64,5 миллиард сум ажыратылған.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.