Өткен шемби күни пайтахтымызда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовтың пуқараларды қабыллаўы болды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасында өткен илажға министрликлер менен ведомстволардың, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен өткерилип атырған қабыллаўлар жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен пуқаралар арасындағы бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмине айланбақта. Мүрәжатлар тийкарынан жумысқа орналасыў, денсаўлықты сақлаў, банктен кредит алыў, турақ жай-коммуналлық хызмет  ҳәм басқа да мәселелер бойынша келип түспекте.

-1987-жылы туўылған балам Арысланбек Есбергенов бүйрегинен көптен бери наўқас еди,-дейди Нөкис қаласы турғыны Гүлшад Қудиярова.-Оны операция жолы менен емлеў керек. Бирақ оған қәрежетимиз жетпейди. Сонлықтан да Халық қабыллаўханасына мүрәжат еттим. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов бизлерди қабыл етип, денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен жәрдем берилетуғынлығын айтты. Буның ушын республикамыздың басшысына өз миннетдаршылығымды билдиремен.

-Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлап, усы күнге шекем жумыссыз едим.-дейди Нөкис қаласынан Руслан Пирназаров.-Тийисли орынларға хабарлассам да қәнигелигим бойынша жумыс таба алмадым. Нәтийжеде Халық қабыллаўханасы мүрәжат еттим. Бүгинги қабыллаўда мениң мүрәжатым унамлы шешилип, пайтахтымыздағы 27-санлы улыўма билим бериў мектебине жумысқа орналасатуғын болдым. Буннан жүдә қуўанышлыман.

Усы күни республикамыз басшысы тәрепинен 19 пуқара қабыл етилип, олардың мүрәжаты тараў қәнигелери тәрепинен үйренип шығылды ҳәм тийисли жуўап берилди.

Қабыллаўға Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Ҳ.Халимов қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.