Өзбекстан миллий почта байланысы операторы республикамыздың почта базары конъюктурасын үйренип шыққан ҳалда ҳәм халықтың талапларын есапқа ала отырып «Оператив почта» жаңа хызмет түрин енгизди. Бул ҳаққында Xabar.uz сайты хабар берди.

Усы жылдың 10-апрелинен баслап «Оператив почта» хызмети шеңберинде почта жөнелтпелерин қабыл етиў ҳәм жеткерип бериў ушын республикамыз бойлап 15 почта байланысы объектлери тастыйықланды.

Жөнелтпелердиң қабыл етилиўи ҳәм жеткерип берилиўи қысқа қадағалаў мүддетлеринде ҳәм арзан баҳаларда әмелге асырылады.

Мәселен, Ташкенттен Нөкиске шекемги ҳәм басқа ўәлаятлар орайларына шекем жөнелтпелер 24 саатишинде жеткерип бериледи ҳәм алыўшылар жеделлик пенен почта жөнелтпеси ҳаққында телефон арқалы хабардар етиледи.

«Оператив почта» жөнелтпелеринде «Почта байланысы хызметлерин көрсетиў қағыйдалары»на муўапық ишки почта жөнелтпелери ушын белгиленген ҳүжжетлерди, ис қағазларын ҳәм халық тутыныў товарларын жибериўге болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги