Конституция әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәмде олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып хызмет қылады.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы да 1993-жыл 9-апрель күни қабыл етилип, бүгинге шекем бул уллы тарийхый сәне, байрам сыпатында салтанатлы түрде белгиленип келинбекте.

Бүгинги күнде елимизде барлық тараўларда ерисилип атырған жетискенликлеримиз Конституциямызда беккемленип қойылған қағыйда ҳәм принциплер менен тығыз байланыслы.

Конституциямыз ҳуқықый системаның тийкарғы ҳуқықый дереги сыпатында, оған басқа нызамлар қарсы келиўи мүмкин емес. Сонлықтан конституция Тийкарғы нызам есапланады.

Конституциямыздың дүзилисине тоқтап өтетуғын болсақ, ол алғы сөз, 6 тараў, 26 бап ҳәм 120 статьядан ибарат.

Конституциянының алғы сөзинде конституцияны қабыллаў мақсети белгиленген.

Биринши тараўда тийкарғы принциплер: мәмлекетлик суверенитет, халық ҳәкимияты, Конституция ҳәм нызамның үстинлиги, Қарақалпақстан Республикасының халықаралық ҳәм сыртқы экономикалық қатынасықларына арналған.

Конституцияның әң-статьясында Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик ҳәкимият системасы-ҳәкимияттың нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятына бөлиниў принципине тийкарланатуғынлығы көрсетип өтилди.

Екинши тараўда адамның ҳәм пуқараның тийкарғы ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм миннетлери белгиленген.

Усы тараў улыўма режелер, пуқаралық, жеке ҳуқықлар ҳәм еркинликлер, сиясый ҳуқықлар, экономикалық ҳәм социаллық ҳуқықларды, сондай-ақ инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң кепилликлерин өз ишине алады.

Конституцияда мәмлекеттиң өзи пуқаралардың Конституция ҳәм нызамлар менен бекитилген ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўи ҳәм ҳәр бир инсанның өз ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў арқалы әмелге асырыўы белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 21-октябрьдеги «Суд-ҳуқық системасын жәнеде реформалаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы ПФ-4850-санлы Пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Конституциясының 112-статьясында белгиленген пуқаралардың ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў судьялардың бийғәрезлигин тәмийинлеўге қаратылған.

Пәрманда нәзерде тутылған өзгерислер инсанның жеке ҳуқықлары менен еркинликлерине қол қатылмаслығы, олардан суд қарарысыз айырыўға яки оларды шеклеп қойыўға ҳеш ким ҳақылы емеслиги ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принциплери менен нормаларына толық сәйкес келеди.

Үшинши тараў жәмийет ҳәм шахс деп аталып, онда жәмийеттиң экономикалық тийкарлары, жәмийетлик бирлеспелер, шаңарақ ҳәм ғалаба хабар қуралларына арналған.

Қарақалпақстан Республикасы экономикасының тийкарын меншиктиң ҳәр қыйлы түрлери қурайды. Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде жеке меншиктиң қол қатылмаслығын ҳәм исбилерменлик еркинлигин тәмийинлеўге қаратылған нызамлар қабыл етилип, беккем ҳуқықый база жаратылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң2017-жыл 21-февраль күнги «Өзбекстан Республикасы суд системасы структурасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў иләжлары ҳаққында»ғы ПФ-4966-санлы Пәрманында Жоқарғы хожалық судын Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судына бирлестириў, хожалық судларды экономикалық судлар етип өзгертиў, жаңа экономикалық қатнасықлардың жүзеге келиўи ҳәм кеңейиўин есапқа алып, районлар аралық ҳәм район экономикалық судлар дүзилиўи, мәмлекетлик органлар ҳәм лаўазымлы шахслардың ҳәрекетлери-ҳәрекетсизлиги үстинен берилген шағымларды көриў, ғалаба-ҳуқықый қатнасықлардан келип шыққан ислерди көриў бойынша жаңадан ҳәкимшилик судлардың дүзилиўи ҳәм басқа да  тарийхый өзгерислер пуқаралар ҳәм исбилерменлерге судқа мүрәжат етиўде жаңа мүмкиншиликлерди жаратады, олардың судқа мүрәжат етиўде ўақыты ҳәм материаллық шығынлары тежеледи, суд арқалы ҳуқықлары қысқа мүддетте қорғалыўы тәмийинленеди.

Конституцияның 14-бабы шаңараққа арналған болып, ата-аналардың балаларын ержеткенге шекем тәрбиялаўы, балалар ержеткеннен кейин ата-аналарына ғамхорлық көрсетиў миннети белгиленген.

Төртинши тараў Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик аймақлық дүзилисине бағышланған.

Бесинши тараўда мәмлекетлик ҳәкимиятты шөлкемлестириў белгиленген. Усы тараўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы ўәкилликлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы ҳәм оның ўәкилликлери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың тийкарлары, Қарақалпақстан Республикасының суд ҳәкимияты ҳәм сайлаў системасы, конституциялық бақлаў, прокуратура, финанс ҳәм бюджет бапларын өз ишине алады.

Алтыншы тараў конституциямызды өзгертиў тәртибин белгилейди.

Конституцияға өзгерис киргизиў басқа нызамларға қарағанда қурамалы есапланады.

Конституцияға өзгерис Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатларының улыўма санының ең кеминде үштен екисиниң көпшилик даўысы менен ямаса Қарақалпақстан Республикасы референдумы менен киргизиледи.

Жуўмақлап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы инсан ҳуқық ҳәм мәплериниң тийкарғы кепили сыпатында халқымыздың арзыў-әрманларын, мақсетлерин жүзеге шығарыўшы ең әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады.

 

 

Т.Асенбаев, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суды судьясы