Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Елимиздиң экономика, өндирис, илим, мәденият, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, юриспруденция ҳәм басқа да салаларында көп жыллар даўамында ҳадал және жемисли мийнет ислеген напақа жасындағы жерлеслеримизди, сондай-ақ, жумыс ислемей, өмирин шаңарақлардың беккемлигин сақлаўға, перзентлеримизди жәмийет алдында жуўапкершилик, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдриятларға, жасы үлкенлер менен жас әўлад ўәкиллерине ҳүрмет, ана-Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў жумысларына бағышлап, жәмийетимизде ҳүрметке ийе болған аналарымызды мүнәсип сыйлықлаў мақсетинде және Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 28-декабрьдеги «Өзбекистан ветеранларын социаллық қоллап-қуўатлаў «Нураний» қорының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-4906-санлы Пәрманына тийкарланып:

  1. «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси шөлкемлестирилсин.
  2. Төмендегилер:

«Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси ҳаққындағы Реже 1-қосымшаға муўапық;

«Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси ҳәм оның гүўалығының сыпатламалары 2, 3-қосымшаларға муўапық;

«Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси менен сыйлықланған шахслар жасайтуғын квартиралар менен турақ жайлардың есиклерине орнатылатуғын белги (кейинги орынларда – «Меҳнат фахрийси» белгиси)ниң сыпатламасы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети «Меҳнат фахрийси» көкирек белгилериниң, олардың гүўалықларының ҳәм «Меҳнат фахрийси» белгилериниң таярланыўын тәмийинлесин.
  2. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги «Меҳнат фахрийси» көкирек белгилерин, олардың гүўалықларын ҳәм «Меҳнат фахрийси» белгилерин таярлаў ушын зәрүр пул қаржыларын Өзбекистан Республикасының республикалық бюджети есабынан ажыратсын.
  3. Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги басқа да мәпдәр министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Ариповқа жүкленсин.

   

Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 14-июль

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-июльдеги ПҚ-3133-санлы Қарарына 1-қосымша

«Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси ҳаққындағы

Р Е Ж Е

  1. «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси (кейинги орынларда – көкирек белгиси) менен елимиздиң экономика, өндирис, илим, мәденият, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, юриспруденция ҳәм басқа да салаларында көп жыллар даўамында ҳадал және жемисли мийнет ислеген напақа жасындағы жерлеслеримиз, сондай-ақ, жумыс ислемей, өмирин шаңарақлардың беккемлигин сақлаўға, перзентлеримизди жәмийет алдында жуўапкершилик, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдриятларға, жасы үлкенлер менен жас әўладтың ўәкиллерине ҳүрмет, ана-Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў жумысларына бағышлап, жәмийетимизде ҳүрметке ийе болған аналар сыйлықланады.
  2. Усы Режениң 1-бәнтине муўапық:

I дәрежели көкирек белгиси менен кеминде 35 жыллық мийнет стажына ийе шахслар;

1 (5).jpg

II дәрежели көкирек белгиси менен кеминде 30 жыллық мийнет стажына ийе шахслар;

2 (6).jpg

III дәрежели көкирек белгиси менен кеминде 25 жыллық мийнет стажына ийе шахслар, сондай-ақ, жәмийетте ҳүрметке ийе ислемейтуғын аналар сыйлықланады.

3 (7).jpg

  1. I дәрежели көкирек белгиси жоқары дәрежели болып табылады. II ямаса III дәрежели көкирек белгиси менен сыйлықланғанлар соңынан оның жоқары дәрежелери менен басқышпа-басқыш сыйлықланыўы мүмкин. Бир дәрежедеги көкирек белгиси қайтадан берилмейди.
  2. Көкирек белгиси менен сыйлықлаўға байланыслы усыныслар, шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрине қарамастан, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер тәрепинен Өзбекистан ветеранларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураний» қоры (кейинги орынларда «Нураний» қоры)ның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бөлимлерине бериледи.
  3. «Нураний» қорының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бөлимлериниң усыныслары ҳәр жылы 25-декабрьге шекем «Нураний» қорының Қәўендерлик кеңесине усыныс етиледи.
  4. Усыныс етилген ҳүжжетлерди көрип шығыў ҳәм көкирек белгиси менен сыйлықлаў ушын талабанларды таңлап алыў тәртиби «Нураний» қорының Қәўендерлик кеңеси тәрепинен белгиленеди.
  5. Көкирек белгиси менен сыйлықлаў «Нураний» қоры Қәўендерлик кеңесиниң қарары менен әмелге асырылады.

Көкирек белгиси менен сыйлықлаў ҳаққындағы қарар «Нураний» қорының мәлимлеме қуралларында жәрияланады.

  1. I дәрежели көкирек белгиси менен сыйлықланған шахслар ең кем айлық мийнет ҳақының төрт есеси муғдарында, II дәрежели көкирек белгиси менен сыйлықланған шахслар ең кем айлық мийнет ҳақының үш есеси муғдарында бир мәрте төленетуғын ақшалай сыйлық алады.

Бир мәрте төленетуғын ақшалай сыйлықлар «Нураний» қорының қаржылары есабынан әмелге асырылады.

  1. Көкирек белгиси, оның гүўалығы менен ақшалай сыйлығы «Наўрыз» байрамы қарсаңында «Нураний» қоры Қәўендерлик кеңесиниң баслығы (ямаса оның тапсырмасына бола басқа да жуўапкер шахслар) тәрепинен салтанатлы түрде тапсырылады.
  2. Көкирек белгиси менен сыйлықланған шахслар Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленетуғын тәртипте медициналық хызметтен жеңилликли пайдаланыў ҳуқықына ийе болады.
  3. Көкирек белгиси мәмлекетлик сыйлықлардан кейин көкиректиң шеп тәрепине тағылады.

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-июльдеги ПҚ-3133-санлы Қарарына 2-қосымша

«Меҳнат фахрийси» көкирек белгисиниң

С Ы П А Т Л А М А С Ы

4 (3).jpg«Меҳнат фахрийси» көкирек белгисиниң диаметри 34 миллиметрли шеңбер түринде болып, мыс араласпасынан таярланады.

I дәрежели көкирек белгиси алтын реңде;

II дәрежели көкирек белгиси гүмис реңде;

III дәрежели көкирек белгиси қола реңде болады.

Көкирек белгисиниң алдынғы тәрепинде қанатларын жайып турған Қумай қусының сүўрети сәўлелендирилген. Оның жоқары бөлегинде көкирек белгиси дәрежесин белгилейтуғын бойы 4 миллиметрли «I», «II» ямаса «III» – рим санындағы сан және диаметри 1,8 миллиметрли сегиз қырлы жулдыз жайласқан. Усы сүўреттиң улыўма бийиклиги 22 миллиметрди, ени 23 миллиметрди қурайды.

Көкирек белгисиниң алдынғы жоқары бөлегинде сегиз қырлы жулдызлар аралығында еки қатарда ҳәриплердиң бийиклиги 2 миллиметр болған «MEHNAT», «FAXRIYSI» жазыўы жайласқан.

Көкирек белгисиниң артқы тәрепиниң орайында төрт қатарда ҳәриплердиң бийиклиги 2 миллиметр болған «KO‘P YILLIK», «HALOL», «MEHNATI», «UCHUN» жазыўы жайласқан. Оның әтирапы диаметри 30,7 миллиметр болған нағыс пенен жийекленген.

Көкирек белгисиниң қалыңлығы 2,2 миллиметр.

Сүўретлер менен жазыўлар дөңки жайласқан.

Көкирек белгисиниң алдыңғы ҳәм артқы тәреплериниң шетлери дөңки шеңбер менен оралған.

Көкирек белгиси илгеклер ҳәм сызықлар жәрдеминде туўры төрт мүйеш түриндеги илдиргишге жалғанған.

Илдиргиштиң ени – 26 миллиметр, бойы – 17 миллиметрден ибарат. Илдиргиштиң ени 22 миллиметрли шайы лента менен қапланған болып, лентаның арасынан ени 8 миллиметрли ақ реңли жол, еки шетинен болса ҳәр бириниң ени 7 миллиметр болған көк реңли жол өткен.

Илдиргиштиң артқы тәрепине көкирек белгисин кийимге илдирип қойыў ушын илгек көринисиндеги үскене орнатылған.

 

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-июльдеги ПҚ-3133-санлы Қарарына 3-қосымша

«Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси гүўалығының

С Ы П А Т Л А М А С Ы

 

5 (5).jpg«Меҳнат фахрийси» көкирек белгисиниң гүўалығы 160х110 миллиметр өлшемдеги китапша түринде болып 240 г/кв.м. қалыңлықтағы офсет қағаздан таярланады.

Гүўалықтың сыртқы тәрепи (биринши ҳәм төртинши бетлери) жасыл реңде болып, плёнка менен қапланған.

Гүўалықтың биринши бетиниң ени 7,5 миллиметрли, ишки мүйешлери айлана түрде болған ақ реңли жийек пенен оралған.

Гүўалықтың жоқары шетинен (биринши бети) 35 миллиметр төменде, орайда аралығы 3,5 миллиметрли еки қатардан ибарат текст жайласқан. Биринши қатарда ««Mehnat faxriysi», екинши қатарда «ko‘krak nishoni» («Times new Roman Bolt» шрифти, 17-кегль) сөзлери жазылған. Оннан 6 миллиметр төменде «GUVOHNOMASI» (үлкен ҳәриплерде, «Times new Roman Bolt» шрифти, 17-кегль) сөзи жазылған. Жазыўлар алтын реңде сәўлелендирилген.

Гүўалықтың ишки тәрепи (екинши ҳәм үшинши бетлери) «Тангир» көриниси түсирилген ашық ҳаўа реңде болып, офсет усылында басып шығарылған.

Ишки тәрепиниң шеп жағында (екинши бети), орайда көкирек белгисиниң өзине тең өлшемдеги реңли көриниси сәўлелендирилген.

Гүўалықтың ишки оң тәрепи (үшинши бети) жоқары жағынан 8 миллиметр төменде, орайда «GUVOHNOMA» (үлкен ҳәриплерде, «Times new Roman Bolt» шрифти, 10-кегль) сөзи және гүўалықтың тәртип саны ушын «№» белгиси ҳәм 15 миллиметрли сызық жайласқан.

«GUVOHNOMA» сөзинен 11 миллиметр төменде сыйлықланған шахстың фамилиясы, исми ҳәм әкесиниң исмин жазыў ушын аралығы 8 миллиметрли үш сызық тартылған.

Төменги сызықтан 5 миллиметр төменде, орайда аралығы 1,5 миллиметрли төрт қатардан ибарат текст жайласқан. Биринши қатарда «O‘zbekiston faxriylarining ijtimoiy»,   екинши қатарда «faoliyatini qo‘llab-quvvatlash», үшинши қатарда «Nuroniy» jamg‘armasi»,  төртинши қатарда «Vasiylik kengashining»  («Times new Roman Bolt» шрифти, 10-кегль) сөзлери жазылған. Оннан  4 миллиметр төменде аралығы 4 миллиметр болған еки қатардан ибарат текст жайласқан. Биринши қатарда «20__ y. «___» ___________dagi», екинши қатарда -sonli Qaroriga asosan» («Times new Roman Bolt» шрифти, 10-кегль) сөзлери жазылған.

Оннан 5 миллиметр төменде, орайда аралығы 5 миллиметрли еки қатардан ибарат текст жайласқан. Биринши қатарда «Mehnat faxriysi» cөзи ҳәм көкирек белгисиниң дәрежеси туўралы жазыў («Times new Roman Bolt» шрифти, 12-кегль), екинши қатарда «ko‘krak nishoni bilan mukofotlandi» («Times new Roman Bolt» шрифти, 10-кегль) сөзлери жазылған.

Соңғы сөзлерден 9 миллиметр төменде, шеп тәрепте аралығы 2 миллиметрли еки қатардан ибарат текст жайласқан. Биринши қатарда «Vasiylik kengashi», екинши қатарда «raisi» («Times new Roman Bolt» шрифти, 10-кегль) сөзлери жазылған.

 

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-июльдеги ПҚ-3133-санлы Қарарына 4-қосымша

«Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси менен сыйлықланған шахслар жасайтуғын квартиралардың ҳәм турақ жайлардың есиклерине орнатылатуғын белгиниң

С Ы П А Т Л А М А С Ы

«Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси менен сыйлықланған шахслар жасайтуғын квартиралардың ҳәм турақ жайлардың есиклерине орнатылатуғын белги 210×80 миллиметрли өлшемли төрт мүйеш түринде болып, мыс араласпасынан таярланады.

Белгиниң шеп тәрепинде қанатларын жайып турған Қумай қусы ҳәм оның жоқарысында көкирек белгисиниң дәрежесин белгилейтуғын «I», «II» ямаса «III» – рим санындағы сан ҳәм сегиз қырлы жулдыздың сүўрети сәўлелендирилген. Усы сүўреттиң улыўма бийиклиги 55 милиметрди, ени 51 миллиметрди, рим санындағы санның бойы болса, 9 миллиметрди қурайды.

Белгиниң оң тәрепинде ҳәриплердиң бийиклиги 5,6 миллиметр, қатарлардың аралығы 3,8 миллиметр болған алты қатарлы текст жайласқан. Биринши қатарда «Bu yerda» сөзи ҳәм көкирек белгисиниң дәрежеси туўралы жазыў, екинши қатарда  «Mehnat faxriysi» ko‘krak nishoni», үшинши қатарда «bilan taqdirlangan fuqaro»,  төртинши ҳәм бесинши қатарларда үлкен ҳәриплерде сыйлықланған шахстың фамилиясы, исми ҳәм әкесиниң исми, алтыншы қатарда «istiqomat qiladi»  сөзлери жазылады.

Белгиниң қалыңлығы 1,5 миллиметр.

Сүўретлер менен жазыўлар батыңқы  түрде болып, белгиниң шетлери туўры сызықлар менен оралған