Усы жылдың 6-апрель күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Миллий мәдениятымыздың раўажланыўына үлкен үлес қосқан көркем өнер ғайраткерлерин ҳәм өзбек көркем өнерин дүнья сахналарында көрсетип киятырған жасларды қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар бермекте.

Усы қарарға муўапық, миллий мәдениятымыздың раўажланыўына үлкен үлес қосқан көркем өнер ғайраткерлерин ҳәм өзбек көркем өнерин дүнья сахналарында көрсетип киятырған жасларды Өзбекстан Республикасы Президенти атынан хошаметлеў тәртиби ҳаққында Устав қабыл етилди.

Уставқа муўапық:

– Миллий мәдениятымыздың раўажланыўына үлкен үлес қосқан көркем өнер ғайраткерлерин ҳәм өзбек көркем өнерин дүнья сахналарында көрсетип киятырған жаслар ең кем мийнет ҳақының 50 есеси муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен материаллық жақтан хошаметленеди ҳәм оларға сыйлықланғанлығы ҳаққындағы сертификат тапсырылады;

– Сыйлықлаўға, қағыйды тәризинде, төмендеги тараўларда хызмет етип атырған мәденият тараўы ўәкиллери усыныс етиледи:

– композитор, көркем өнер изертлеўшилери;

– театр, кино ҳәм ғалабалық илажлар актёрлары, режиссёрлары;

– дирижёрлар, балетмейстерлер;

– музыка, хор, аяқ ойын, цирк, оркестр, ансамбль атқарыўшылары ҳәм усы жәмәәтлердиң көркемлик жақтан басшылары;

– дәстан атқарыўшылары;

– шайыр ҳәм жазыўшылар;

– музейҳәм материаллық және материаллық емес мәдений мийрас объектлерин қорғаў тараўында жумыс ислеп атырған хызметкерлер;

– сүўретлеў ҳәм әмелий өнер ўәкиллери, дизайнерлер.

Сыйлықлаўға мәденият тараўының басқа бағдарларында жумыс алып барып атырған талабанлар да усыныс етилиўи мүмкин.

Талабанларды усыныс етиў ҳәм жеңимпазларды анықлаў аймақлық комиссиялар ҳәм республикалық комиссия тәрепинен әмелге асырылады.

Сыйлықлаў салтанаты ҳәр жылы Ташкент қаласында Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында өткериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги