Өзбекстан Жазыўшылар аўқамында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 13-марттағы «Уллы қазақ шайыры ҳәм ойшылы Абай Қунанбаевтың дөретиўшилик мийрасын кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў ҳаққында»ғы қарарын орынлаў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң мәжилиси болып өтти.

         Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы М.Аҳмедов ҳәм басқалар Президентимиздиң басшылығында қоңсы мәмлекетлер менен дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларын буннан былай да беккемлеў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар барлық тараўларда, соның ишинде, әдебий-мәдений тараўларда да үлкен нәтийжелер берип атырғанын айрықша атап өтти.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдарлары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында да қәўипсизликти, миллетлер аралық татыўлықты ҳәм кеңпейилликти тәмийинлеў, терең ойланған, өз-ара пайдалы ҳәм әмелий сыртқы сиясат тараўындағы тийкарғы бағдарлардың белгилеп қойылғаны регионда қәўипсизлик, турақлылық ҳәм татыў қоңсышылық орталығын орнатыў, елимиздиң халықаралық абыройын және де беккемлеўде әҳмийетли бағдарлама болмақта.

Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген қарары қоңсы қазақ халқына, олардың уллы дөретиўшисине жоқары ҳүрметтиң үлгиси сыпатында елимиздиң жәмийетлик-мәдений турмысында әҳмийетли ўақыя болды. Бул ҳүжжет туўысқан халықлар менен дослық байланысларды жаңа, жоқары басқышта даўам еттириў, мәдений бирге ислесиўди буннан былайда беккемлеў, уллы шайырдың өлмес шығармаларын кеңнен үйрениў ҳәм енгизиўде айрықша әҳмийетке ийе.

Уллы ағартыўшы шайыр ҳәм ойшыл, жақсылық ҳәм дослық жыршысы Абай Қунанбаевтың даңқлы аты ҳәм бай дөретиўшилик мийрасы пүткил түркий халықлардың жүрегинде мәңги жасап келмекте.

Өзбекстанның қоңсы Қазақстан мәмлекети менен өз-ара дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилип атырған бүгинги күнде бул уллы дөретиўшиниң өлмес мийрасы халықларымыз ушын және де әҳмийетли мәниске ийе.

Абай Қунанбаев улыўма инсаныйлық қәдриятлар ҳәм мийрим-шәпәәт сезимлери жоқары перделерде сөз етилген көркем жетик шығармалары, ибратлы турмысы ҳәм жәмийетлик искерлиги менен халықларымыз мәдениятының раўажланыўына үлкен үлес қосқан.

Халқымыз бул дөретиўшиниң адамгаршилик ҳәм жақсылық идеяларын, миллий ҳәм улыўмалық қәдриятлар, түрли миллетлер менен халықлар арасында өз-ара ҳүрмет және татыўлық байланысларын беккемлеўге қаратылған шығармаларын сүйип оқыйды. Олардың атын шексиз ҳүрмет пенен тилге алады.

Пайтахтымызда Абай Қунанбаевтың саўлатлы естелиги бой тиклеп турғаны, көшелерге ҳәм мәҳәллелерге аты берилгени буны дәлийллейди.

Уллы қазақ ағартыўшысы Абай Қунанбаевтың өзбек халқына ҳүрмети оғада жоқары болған. Ол өзиниң «Ҳикметлер» китабында былай жазады: «Ҳәзирги күнде өзбек дийқаны жетистирмеген өсимликтиң өзи жоқ, өзбек саўдагериниң аяғы жетпеген жер жоқ, олар соқпаған буйым жоқ екенлигин көрмектемен. Аўызбиршиликли жасайды, өкпе-гийнени қозғамайды. Орыс саўдагерлери жоқлығында қазақларға кийим-кеншек ҳәм марҳумларына кепин әкелип берди… Орыслардың заманына келип болса жаңалықларды басқалардан бурынырақ өзлестирмекте. Белгили байлары, билимли моллалары, өнерментшилик ҳәм молшылық дейсиз бе, әдеплилик дейсиз бе-ҳәммеси оларда бар…»

Президентимиздиң «Уллы қазақ шайыры ҳәм ойшылы Абай Қунанбаевтың дөретиўшилик мийрасын кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў ҳаққында»ғы қарарында елимизде уллы қазақ шайыры ҳәм ойшылы Абай Қунанбаевтың дөретиўшилик мийрасын кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, оның «Сайланды» шығармасын және «Өзбек ҳәм қазақ әдебий байланыслары» атлы әдебий-талқылаў мақалалар топламын баспаға таярлаў ҳәм басып шығарыў, Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогика университетинде «Абай ҳәм өзбек әдебияты» атамасында турақлы экспозиция шөлкемлестириў, ҳәр жылы шайыр туўылған 10-август сәнесинде пайтахтымыздағы Абай Қунанбаев естелигине гүл қойыў ҳәм мушоира өткериў, оқыўшы ҳәм студент-жаслар арасында «Абай шығармаларының билимданы» шығармалар таңлаўын жолға қойыў, ғалаба хабар қуралларында уллы дөретиўшиниң өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында бир қатар көрсетиўлер және еситтириўлер, мақалалар берип барыў, оның өмири менен дөретиўшилиги ҳаққында дөретилген көркем ҳәм ҳүжжетли филмлерди Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының телеканаллары арқалы көрсетиў, билимлендириў мәкемелери, әскерий бөлимлер, мийнет жәмәәтлери ҳәм мәҳәллелерде белгили шайырлар ҳәм жазыўшылар, илимпазлардың қатнасыўында ушырасыўлар, әдебий кешелер шөлкемлестириў ўазыйпалары белгилеп қойылған.

Мәжилисте усы ўазыйпалардың орынланыўы бойынша тийисли министрликлер ҳәм шөлкемлер ўәкиллериниң есаплары тыңланды, келешектеги режелер ҳәр тәреплеме додаланды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султанов шығып сөйледи.

Байрам АЙТМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршысы