Арқа-Батыс әскерий округинде «Жас шегарашылар» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық кеңеси, Орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў басқармасы тәрепинен мәпдар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген таңлаўға шегара алды районларында жайласқан кәсип-өнер колледжлери, академиялық лицей ҳәм улыўма билим бериў мектеплеринен жети команда қатнасты.

Илаждың мақсети, елимиздиң қәўипсизлигин тәмийинлеўде өсип киятырған жас әўладта жуўапкершилик сезимин қәлиплестириў, оларды халқымызға, Президентимизге ҳәм Ўатанымызға садықлық руўхында тәрбиялаў, мәмлекет шегараларын қорғаў әдиўли миннет екенлигин үгит-нәсиятлаў,  шақырылыўшыларды әскерий хызметке таярлаў болып табылады.

Таңлаў қатнасыўшылары жәмийетлик-сиясий ҳәм ҳуқықый билимлер сынағы, оқ атыў таярлығы, Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасы ҳаққында»ғы Нызамы, шегарашы қаҳарманлар ҳаққындағы «Умытылмас жарқын жулдызлар» китабы  бойынша, сап тартып жүриў, медициналық-санитариялық, физикалық-әскерий таярлық басқышлары бойынша өзлериниң билим және көнликпелерин сынақтан өткерди.

Илаж жуўмағында Әмиўдәрья мелиорация ҳәм суў хожалығы кәсип-өнер колледжиниң «Бургут» командасы биринши,  Шоманай педагогика ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжиниң «Туран» командасы екинши, Хожели транспорт кәсип-өнер колледжиниң «Жасурлар» командасы үшинши орынларды ийеледи.

Жеңимпазлар ҳәм белсене қатнасқан командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен Диплом және баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.