31-март ҳәм 1-апрель күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Алматы қаласында спорттың каратэ ВКФ түри бойынша өткерилген «Kazakhstan open» халықаралық турниринде Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан жерлесимиз Наргиза Муртазаева елимизге алтын медаль менен оралды.  

Бул турнирге 8 мәмлекеттен жәми 400 ден аслам спортшылар қатнасқан.

48 кг салмақта жеңимпаз болған Наргиза усы жеңиси нәтийжесинде май айында Япония мәмлекетинде өткерилетуғын Азия чемпионатына қатнасыў ушын жолламаны қолға киргизди.

– Бул мениң халықаралық майдандағы дәслепки жеңисим. Қарсыласларым қазақстанлы, әзербайжанлы ҳәм қытайлы спортшылар үстинен жеңиске ерисип, чемпионлықты қолға киргизиўге еристим, – дейди Наргиза Муртазаева. – Бундай жетискенликлерге ерисиўимде устазым, тәжирийбели тренер Сапар Қәлендеровтың үлеси көп.

Н.Муртазаева пайтахтымыздағы Нөкис спорт колледжиниң 2-басқышында тәлим алмақта. Сондай-ақ, Наргиза 4 жылдан берли республикалық спорттың жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген спорт мектебинде де спорт сырларын үйренип келмекте.

Ол өткен жыллар ишинде бир неше мәрте Қарақалпақстан, 2 мәрте Өзбекстан чемпионы болған.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы