Нөкис қаласындағы хызмет көрсетип атырған 9 шаңарақлық ҳәм 1 көп тармақлы поликлиникаларда орайласқан мағлыўматлар базасы, наўқастың электрон амбулаториялық карталарына ҳәм кеселлик тарийхына ийе болған система жолға қойылмақта

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 2017-жыл 17-августтағы «Бирден-бир электрон дизимге алыў ҳәм Интернет тармағы арқалы шыпакер қабыллаўына жазылыў «Электрон поликлиника» автоматластырылған информациялық системасын иске түсириў ҳаққында»ғы буйрығына муўапық әмелге асырылыўы белгиленген бул система шаңарақлық поликлиникаларда автоматластырылған ҳалда дизимге алыў, бирден-бир наўқастың электрон амбулаториялық медициналық картасын жүргизиў, халыққа онлайн усылда, яғный үйинен шықпастан жасаў орны бойынша шаңарақлық поликлиника шыпакери қабыллаўына жазылыў, пуқараға қолайлы ўақытта бийпул медициналық хызметтен пайдаланыў имканиятын береди.

– 2018-жылдың ақырында Нөкис қаласындағы барлық поликлиникаларда наўқастың электрон амбулаториялық медициналық картасына басқышпа-басқыш өтиў процесиниң жуўмақланыўы режелестирилген, – дейди Нөкис қалалық емлеўханасы бас шыпакериниң орынбасары Абдурашид Якубов. – Бул жаңа инновациялық система шыпакерлердиң наўқастың амбулаториялық медициналық картасын жазыўға кететуғын ўақтын сезилерли дәрежеде қысқартады. Буннан тысқары, «Кадрлар ресурсларын басқарыў», «Мәкемелердиң паспорт есабының бирден-бир системасы» автоматластырылған информациялық системаларының турмысқа енгизилиўи әмелге асырылмақта. Келешекте донорлар ҳәм донорлықтан шығарылған шахслар ҳаққында, донорлық қанының есабаты ҳәм оның бөлистирилиўи сыяқлы мағлыўматлар базасын шөлкемлестириў,  жуқпалы кеселликлердиң эпидемиологиялық мониторинги, психоневрологиялық ҳәм наркологиялық диспансерлерден «Мағлыўматнама алыў ушын электрон арза бериў» автоматластырылған информациялық системаларын әмелге асырыў режелестирилген.

– Поликлиникамызға қараслы 13 аймақта жасаўшы 22 мың 744 пуқаралардың барлығы автоматластырылған ҳалда дизимге алынып, олардың толық мағлыўматлары орайласқан мағлыўматлар базамызға киргизилди, – дейди Нөкис қалалық 9-санлы шаңарақ поликлиникасы бас шыпакериниң орынбасары Рая Дәўлетова. – Усы аймақларға бөлистирилген 13 улыўма әмелият шыпакери базаға жалғанған компьютерлер менен тәмийинленди. Олардың жәрдеминде шыпакер наўқастың амбулаториялық медициналық картасыз-ақ алдына келген наўқаслар ҳаққында хабардар болып отырады. Сондай-ақ, шыпакердиң алдында нәўбет күтип отырыўға шек қойылды. Себеби, электрон тәризде шыпакер қабыллаўына жазылыў арқалы наўқас шыпакерге көринетуғын ўақтын билип алады.  Поликлиниканың фойесинде орнатылған монитор ҳәр бир шыпакердиң кабинетиниң номерин, оның қабыллаў ўақтын, неше наўқас қабыллаўға жазылғаны сыяқлы мағлыўматларды көрсетип турады.

Бирден-бир электрон дизимге алыў ҳәм Интернет тармағы арқалы шыпакер қабыллаўына жазылыў «Электрон поликлиника» автоматластырылған информациялық системасы районларда да басқышпа-басқыш жолға қойылады.  2020-жылға барып «Электрон денсаўлықты сақлаў» системасы толық жолға қойылып, елимизде медициналық хызмет көрсетиў сапасы заманагөй талаплар дәрежесине алып шығылады.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы