Усы жылы Нөкисте Х.Абдамбетов гүзары бойынан 2,7 гектар жер майданда жас шаңарақлар, тозған жайларда жасаўшылар ҳәм турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған басқа да пуқаралар ушын 450 ханалы 10 көп қабатлы турақ жайлар қурылады.

Бул турақ жайлар қала қурылысының заманагөй талапларына муўапық түрде, энергияны нәтийжели ҳәм үнемли жумсайтуғын технологиялар менен үскенеленип, заманагөй қурылыс материалларын ҳәм конструкцияларын қолланған ҳалда салынады.

Жайлардың улыўма баҳасынан басланғыш төлеми 1-қабат ушын 35%, 2-қабат ушын 40%, 3-қабат ушын 30%, 4-қабат ушын 25%, 5-қабат ушын 20% муғдарында төлеў белгиленген. «Ўзшаҳарсозлик ЛИТИ» МУК жойбарлаў мәкемесиниң дәслепки жойбар ҳүжжетлерине тийкарланып, квартираның майданына салыстырғанда бир квадрат метриниң баҳасы 2 миллион 841 мың 170 сум муғдарында етип белгилеп берилген.

«Ипотека банк» АКИБ, «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ ҳәм «Асака банк» АКБниң жеңиллетилген ипотека кредитлери есабынан қурылатуғын бул жайларды сатып алыў ушын қарыз алатуғынларға ипотека кредитлерин бериў 20 жыл мүддетке, соннан 5 жыллық жеңиллетилген дәўир менен бериледи.

Еслетип өтемиз, пайтахтымыздағы бул көп қабатлы арзан жайлардың қурылысы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 23-октябрьдеги «2017-2020-жылларда қалаларда арзан көп квартиралы жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў бағдарламасын нәтийжели әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде әмелге асырылмақта.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги