Әмиўдәрья районы ҳәкиминиң 2018-жыл 31-марттағы бийлигине тийкарланып, райондағы 49 мәкан пуқаралар жыйынларында жасайтуғын 992 кем тәмийинленген шаңарақларға тийисли болған қыйтақ жерлер үйренип шығылып, 2018-жылдың резерв қоры есабынан «Амударё томорқа» ЖШЖға 17 миллион 856 мың сум өткерип берилди ҳәм усы қаржы есабынан 2148 түп алма, 1500 түп алмурт, 300 түп шийе ҳәм 200 түп ерик нәллери қыйтақ жерлери болған кем тәмийинленген шаңарақларға бийпул тарқатылды. Бул ҳаққында Amunews.uz сайты хабар бермекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги