Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Төрткүл районлық Кеңесиниң «Жаслар қанаты» басламасы менен райондағы 1864-жылы қурылған «Қаландар доғли» медресеси әтирапын абаданластырыў ҳәм көгалландырыў жумыслары алып барылды. Онда райондағы санаат-транспорт кәсип-өнер колледжиниң 40 тан аслам белсенди жаслары қатнасты. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги