Елимиздеги бир қатар өндирислик кәрханалары, хожалық бирлеспелери, компаниялар ҳәм банклер менен мәденият ҳәм көркем өнер шөлкемлери арасында жолға қойылған «Дослар клублары» жумысының унамлы нәтийже берип атырғанын инабатқа алған ҳалда:

Қарақалпақстан Республикасының көркем-әдебият, сын ҳәм жәмийетлик ой-пикир журналы «Әмиўдәрья» журналы менен «Өзқурылысматериаллары» АЖ арасында «Дослар клубы»н дүзиў, шәртнама тийкарында бирге ислесиў жолға қойылады.

Бул илажлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-апрельдеги «Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийарында әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.

Қарарда сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине, бир қатар министрликлер менен ведомстволарға Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының аймақлық бөлимлериниң штат кестесин қата көрип шығыў, дөретиўшилерге төленетуғын қәлем ­ҳақы, китап өнимлериниң тарқалыўы, дөретиўши тулғаларды жеңилликли кредитлер тийкарында турақ жай ҳәм басқа да жеңилликлер менен тәмийинлеў бойынша илажлар ислеп шығыў тапсырмасы берилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги