Усы күнлери республикамыздың барлық қала ҳәм районларында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, Жазыўшылар аўқамы, Баспа сөз ҳәм хабар агентлиги ҳәм басқа да тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң биргеликтеги шөлкемлестириўинде қарақалпақ классик шайырлары болған Бердақ Ғарғабай улы ҳәм Әжинияз Қосыбай улының дөретиўшилик мийнетлерине бағышланған «Ең жақсы қосық» таңлаўы болып өтпекте.

Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет – халқымыздың мақтанышы болған қарақалпақ классик шайырлары Бердақ ҳәм Әжинияздың дөретпелериндеги ақыл-нәсият, даналық пикирлерди жаслардың қәлбине сиңдириў, олардың шығармаларын еле де кеңнен үгит-нәсиятлаў, соның менен бирге талантлы жасларды анықлаў болып есапланады.

Бул таңлаўларда 15 жастан 35 жасқа шекемги жас талант ийелери, ҳәўескер қосықшылар қатнаспақта.

Пайтахтымыздағы «Жайхун» мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайында усы таңлаўдың Нөкис қалалық басқышы болып өтти.

Таңлаўда төрешилер қатнасыўшыларға қойылатуғын баҳаны олардың сахна кийими, атқарыў шеберлиги, тыңлаўшыларға жеткерип бериў дәрежеси, сахна мәдениятына қарап берип барды.

Таңлаў нәтийжеси бойынша «Жайхун» мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайының қосықшылар дөгерегиниң басшысы З.Ибрагимова ҳәм усы дөгерек қатнасыўшысы Ш.Мырзакуловлар жеңимпаз деп табылып, оларға таңлаўдың республикалық басқышына жоллама берилди.

                                                                                 Ә.Жиемуратов,

                                 Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.