Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-апрельдеги «Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы қарамағындағы басылымлардың материаллық-техникалық базасын беккемлеўге айрықша итибар қаратылған.

Қарар тийкарында, Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги ҳәм Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте Аўқамның шөлкемлестириўинде өз жумысын алып баратуғын барлық редакциялар қатарында дерлик 90 жылға шамалас ўақыттан берли өз оқыўшыларына руўхын суўсын берип киятырған Қарақалпақстан Республикасының көркем-әдебият, сын ҳәм жәмийетлик ой-пикир журналы «Әмиўдәрья» журналы редакциясының да материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шығыў нәзерде тутылған.

Онда усы басылымды қағаз бенен тәмийинлеў, баспахана қәрежетлерин қаплаў, олардың жазылыў мапазына көмеклесиў ушын «Ижод» жәмийетлик фондына қосымша қаржы ажыратыў нәзерде тутылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги