Усы жылдың 5-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы жумысларын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тастыйықланды.

Қарар тийкарында:

– Жазыўшылар аўқамының Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы бөлимлерине қосымша штатлар ажыратылды;

– «Ижод» жәмийетлик қорының Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилип, олардың Қәўендерлик кеңеслерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери баслық, аймақлардағы университет ҳәм институтлар ректорлары баслықтың орынбасарлары сыпатында бириктирилди.

Сондай-ақ:

– қәбилетли дөретиўшилерге «Ижод» жәмийетлик қорының қаржылары есабынан анық социаллық буйыртпалар бериў системасын қәлиплестириў;

– көркем шығармаларды шет тиллерине аўдармалаў мақсетинде миллий әдебиятымыздың ең жақсы үлгилерин анықлаў бойынша арнаўлы комиссия дүзиў;

– комиссия тәрепинен сайлап алынған шығармаларды «Ижод» жәмийетлик қорының қаржылары есабынан шет тиллерине жоқары сапада аўдарма ислеў ҳәм шет еллерде баспадан шығарыў;

– көркем әдебият бойынша жас аўдармашыларды таярлаў, жумыс алып барып атырған аўдармашылардың профессионаллық көнликпеси ҳәм тәжирийбесин арттырыўға байланыслы илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

– республика бойынша «Китап акциясы» илажларын турақлы түрде жолға қойған ҳалда, мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәм мектеплер, «Меҳрийбанлық үйлери»не «Ижод» жәмийетлик қорының қәўендерлигинде басып шығарылған китапларды бийпул жеткерип бериў ҳаққындағы усыныслар мақулланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги