Усы жылдың 5-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жоқары билимлендириў ҳәм илимий изертлеў мәкемелери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар бермекте.

Қарарға муўапық, 2018-жыл 1-сентябрьден баслап:

– жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшы хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшыларының – базалық лаўазымлық мийнет ҳақысының муғдары орташа 25 процентке ҳәм стажёр-оқытыўшы және илим докторы илимий дәрежесине ийе болған профессор мийнет ҳақысының муғдары арасындағы парқ еки есеге шекем;

– илимий изертлеў мәкемелери илимий хызметкерлериниң – базалық лаўазымлық мийнет ҳақысының муғдары орташа 25 процентке ҳәм стажёр-изертлеўши және илим докторы илимий дәрежесине, сондай-ақ, профессор илимий дәрежесине ийе болған үлкен илимий хызметкер мийнет ҳақысының муғдары арасындағы парқ еки есеге шекем көбейтилди.

Сондай-ақ, 2018-жыл 1-сентябрьден баслап:

– базалық докторантурада оқып атырған шахсларға – киши илимий хызметкердиң лаўазымлық мийнет ҳақысы базалық муғдарына теңлестирилген стипендиялар;

– докторантурада оқып атырған шахсларға – илим кандидаты илимий дәрежесине ямаса илимий атаққа ийе болған жетекши илимий хызметкердиң лаўазымлық мийнет ҳақысының базалық муғдарына теңлестирилген стипендиялар төленеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги