5-апрель күни Қарақалпақстанда жасаўшы корейс миллети ўәкиллери таң азаннан қәбиристанларға зыярат етти.

Усы күни корейс халқы дәстүрий ата-аналарды еслеў күни –  «Хансик»ти, яғный әййемги үрп-әдетлер бойынша қайтыс болған туўған-туўысқанларын еслейди, сондай-ақ қәбиристанларды абаданластырады. Бул күн Ай календары бойынша қысқы күн тоқтаў (21-22-декабрьде күн узая баслаған ўақты)дың 105 суткасына туўры келеди.

Мусылманшылықта ҳәр пийшембиде әўлийеге зыярат етилетуғын болса, корейслер жылына тек үш күнде ғана қәбирлерди зыяратлайды, – дейди Қарақалпақстандағы корейс миллий мәдений орайының баслығы Марина Когай.

Таң азаннан аш қарынға корейс шаңарақлары әўлийелерге жол алады. Дәслеп олар қәбир әтирапларын тазалап, қысы менен жыйналып қалған шығындыларды алып таслайды, нәллер ҳәм гүллер отырғызады. Соң қәбир жанына азық-аўқатлар менен толтырылған дәстүрхан жайылады. Есленип атырған марҳум ушын өз алдына ыдысқа аўқат салынады. Бул жақын-жуўықлары, шаңарағы оны умытпағанын, ҳүрмет-иззет ететуғынын билдиреди. Шаңарақ ағзалары қәбир тасына қарап үш мәрте ийилип, тәжим етеди. Тақ санақта азық-аўқатлар, суўық тағамлар қойылған дәстүрхан әтирапында шаңарақ жыйналып отырады. Еслеў күниниң атамасы – «Хансик»тиң мәниси де «суўық аўқат» дегенди аңлатады.

Мәлим болыўынша, корейс халқы әййемнен бәҳәрде 5-апрельде «Хансик» күнин, 5-майда ҳәм 15-августта «Чхусок» – зүрәәтти жыйнаў мапазында еслеў күнлерин белгилеўди дәстүрге айланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.