Россия Федерациясының Кемерово ўәлаятында жүз берген ўақыядан соң бундай бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша қырағылық жумыслары күшейтилди. Бул ҳаққында басқарманың аға инженери, капитан  Жаңаберген Пиржанов Қарақалпақстан хабар агентлигине хабар берди.

Бүгинги күнде басқарма  тәрепинен әмелге асырылыўы лазым болған илажлар режеси ислеп шығылып, орынларда тексериў, үгит-нәсиялаў, тактикалық оқыў-шынығыўлар өткерилмекте.

Солардан 27 базарлар менен саўда комплекслеринде, 3 театрда, 18 мәденият үйинде, 19 дем алыў бағында, 3 амфитеатрда, 42 тойханада, 17 стадион ҳәм 46 спорт комплексинде өрт-профилактикалық тексериўлер және үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Анықланған кемшиликлер додаланып, ўазыйпалар белгиленди ҳәм орынланыўы қадағалаўға алынбақта. Базарларда, ири саўда комплекслеринде бар болған радиотармақлар арқалы өрт қәўипсизлиги қағыйдалары талапларына әмел етиў бойынша мүрәжатнамалар берип барылмақта.

Соның менен бирге, адамлар көп топланатуғын орынларда айрықша жағдайлар хызмети және тийисли уйымлар менен биргеликте 41 мәрте өрт өшириў әмелий тактикалық шынығыўлары өткерилди.

Еслетип өтемиз, жақында Россия Федерациясы Кемерово ўәлаятындағы «Зимняя вишня» кеўил ашар саўда комплексинде жүз берген өрт ақыбетинде 64 пуқара (соннан 41 бала) қурбан болып, 45 адам дене жарақатын алған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги