Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасында 4-апрель күни Уллы Британия парламенти Лордлар палатасының ағзасы ҳәм Евроазия Global Caucus  топарының орынбасары Алисон Сатти басшылығындағы делегация менен ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Уллы Британия арасындағы өз-ара исенимге ҳәм мәпдарлыққа тийкарланған қатнасықлар избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди. Еки мәмлекет структуралары арасында шөлкемлестирилип атырған түрли дәрежедеги сөйлесиўлер еллеримиз арасындағы нызам дөретиўшилиги, саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң раўажланыўына жаңа пәт бағышлағаны атап өтилди.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Демократиялық институтлар, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары комитетиниң баслығы Акмал Саидов ҳәм басқалар мийманларға елимизде әмелге асырылып атырған демократиялық реформалар ҳаққында айтып берди. Атап айтқанда, Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде алып барылып атырған кең көлемли реформалар бойынша мағлыўмат берилди. Халықты социаллық қорғаў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасында парламент қадағалаўының күшейтилгени социаллық тараўда нызам дөретиўшилигин беккемлеў имканиятын берип атырғанлығы атап өтилди.

Уллы Британия парламенти Лордлар палатасының ағзалары Өзбекстанда социаллық тараўды раўажландырыўға мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары сыпатында қаралып атырғанына, «Саламат ана-саламат бала» принципи тийкарында алып барылып атырған жумысларға жоқары баҳа берди.

Ушырасыўда халықтың денсаўлығын қорғаў, соның ишинде, жуқпалы кеселликлерге, туберкулёзге қарсы гүресиўде парламентлераралық бирге ислесиў мәселелери додаланды. Социаллық тараўды раўажландырыў, халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиўди жетилистириў бойынша илажларды биргеликте шөлкемлестириў бойынша пикир алысылды.

Уллы Британия делегациясы ағзалары Нызамшылық палатасының жумысы менен жақыннан таныстырылды.

Улығбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы