Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 4-апрель күни халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлер көрсетиў бағдарындағы жумысларды талқылаў ҳәм алдағы ең әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған мәжилис өткерилди.

Бурын исбилерменликти жолға қоймақшы, қандайда бир фирма ямаса кәрхана ашпақшы болған адам ҳүжжет таярлаў процесинде әўере-сергиздан болатуғын еди. Нотариус, архив ямаса кадастр уйымынан, газ, электр, суў тәмийнаты шөлкеминен ямаса мәҳәлледен әпиўайы бир мағлыўматнама алыў ушын да гейде күн бойы гезекте турыўға туўра келетуғын еди.

Бүгин де бир қатар мәмлекетлик уйымларда мәлимлеме системалары, ресурслары ҳәм мағлыўматлар базасы жоқ екени мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде белгили бир қыйыншылықлар туўдырмақта. Мәлимлеме-коммуникация технологиялары енгизилиўиниң төмен дәрежеде екени ҳәм қағаз ҳүжжетлер айланысының сақланып қалғаны тийкарсыз қаржы қәрежетлерине, пуқаралардың артықша күтип қалыўына ҳәм нәўбетлердиң жүзеге келиўине, бул болса, ақыбетинде айырым коррупция ҳәм бюрократия жағдайларына алып келмекте.

Елимизди раўажландырыўдың заманагөй басқышында инсан мәплери бас өлшем сыпатында белгиленгени және «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген уллы идея алға қойылғаны мәмлекетлик уйымлар тәрепинен көрсетилетуғын хызметлерди буннан былай да жетилистириўди талап етпекте.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл 12-декабрьдеги «Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық Әдиллик министрлиги жанында Мәмлекетлик хызметлер агентлиги шөлкемлестирилди. 2018-жыл 1-январьдан «бир айна» орайлары Халық қабыллаўханалары жанындағы Мәмлекетлик хызметлер орайларына айландырылды.

Бүгинги күнде бул орайлар тәрепинен балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қабыл етиў бойынша арза бериў, пуқараны жыйналып барылатуғын пенсия системасында есапқа алыў, инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныў, жойбарлаў ҳүжжетлерин келисиў, қурылыс-монтажлаў жумысларын әмелге асырыўға, жеке тәртипте турақ-жай қурыўға (реконструциялаўға) руқсат бериў, суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса суўды арнаўлы тутыныў ушын руқсат бериў сыяқлы хызметлер көрсетиў жолға қойылған. Бас прократура ҳәм Әдиллик министрилигине орайлар арқалы көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер түрин буннан былай да көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетлик хызметлердиң ҳәр бир түри «Пуқаралар емес, ҳүжжетлер ҳәрекететеди» принципине бола, ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер зәрүр ҳүжжетлер ҳәм мәлимлемелерди басқа да структуралардан еркин түрде алыўдың есабынан жеңиллетиледи.

Әлбетте, адамлардың мүшкилин жеңиллететуғын, заманагөй технологияларға тийкарланған бул система халқымызға үлкен қолайлылық жаратпақта. Бирақ еле орынларда айырым кемшиликлер бар екени жедел ҳәм сапалы хызметлер көрсетиўде қыйыншылық туўдырмақта.

Мәселен, айырым ўәкилликли уйымларда мәмлекетлик хызмет көрсетиўлер бойынша электрон мәлимлеме системасы толық енгизилмеген, ведомстволараралық электрон мәлимлеме алмасыўы жолға қойылмаған. Айырым Мәмлекетлик хызметлер орайлары оптикалық талшықлы Интернет тармағына жалғанбаған.

Мәжилисте бул машқалалар сын көзқарастан талқыланып, Әдиллик министрилиги, Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және басқа да тийисли уйымларға 50 мәмлекетлик хызметлер бойынша электрон мәлимлеме системасын ҳәм электрон мағлыўматлар базасын жаратыў, барлық мәмлекетлик хызметлер орайларын оптикалық талшықлы интернетке жалғаў бойынша тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, барлық орайларда электрон нәўбет системасын иске түсириў, уялы телефонлар арқалы мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятын беретуғын бағдарламалар жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетлик хызметлер орайлары имаратының үлги жойбарларын ислеп шығыў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында заманагөй етип қурыў, бул бойынша инвесторларға жеңилликлер бериў ўазыйпасы қойылды.

Исбилерменликке байланыслы 35 түрдеги лицензия ҳәм руқсатнамалар ҳүкимет тәрепинен бериледи. Бундай оғада орайласыў исбилерменликтиң раўажланыўына тосқынлық етеди. Сонлықтан, «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасына муўапық, лицензиялар ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын кескин қысқартыў ҳәм әпиўайыластырыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Кадастр ҳәм қурылыс тараўларында мәмлекетлик хызметлер көрсетиў қанаатландырарсыз жағдайда екени қатаң сынға алынды. «Жергеодезкадастр» комитетине Мәмлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте көшпес мүлк объектлериниң кадастр ҳүжжетлерин электрон тәртипте жүргизиў, кадастр гүўалықларын қағазда емес, ал электрон реестрден көширме тәризинде бериў әмелиятын енгизиў ўазыйпасы тапсырылды. Сондай-ақ, барлық руқсатнама ҳәм лицензияларды электрон система арқалы бериў имканиятын беретуғын «Лицензия» мәлимлеме комплексин усы жылдың май айына шекем толық иске түсириў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте атап өтилгениндей, 2021-жылға шекем 5 миллионнан аслам автотранспорт басқарыў гүўалықларын жаңасына алмастырыў зәрүр. Бирақ бул бойынша ҳәр бир ўәлаятта 3-4, елимизде жәми 49 структура ғана бар. Енди автотранспорт басқарыў гүўалықларын алмастырып бериў де Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы әмелге асырылады. Бул ушын орайларға жол ҳәрекети қәўипсизлиги ўәкили бириктириледи.

Көшпели қабыллаўларда билдирилген усынысларды есапқа алып, Әдиллик министрлигине Ташкент мәмлекетлик юридика университетиниң бакалавр басқышына ҳүжжетлерди орынлардағы мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы тапсырыўды тәжирийбе тәризинде енгизиў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте тараўға жуўапкер басшылардың есаплары тыңланды. Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын жетилистириў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

ӨзА