Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң мағлыўматына қарағанда быйыл пайтахтымызда үлкен көлемдеги ири қурылыс, оңлаў, реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылыўы режелестирилген.  Соннан, «2018-жылғы Инвестиция бағдарламасы»на муўапық,  мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў тараўын раўажландырыў мақсетинде «Билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қоры» есабынан бир қатар жаңа қурылыс жумыслары әмелге асырылыўы күтилмекте.

Атап айтқанда, «Қоскөл» МПЖ аймағынан 315 орынға мөлшерленген, баҳасы 4 миллиард 290 миллион сумлық жаңа улыўма билим бериў мектебин, 4 миллиард 400 миллион сумлық балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебин қурыў жумыслары алып барылмақта.

Сондай-ақ, пайтахтымыздағы 13-санлы улыўма билим бериў мектебине 1 миллиард 300 миллион сумлық реконструкция жумыслары алып барылатуғын болса, 21-cанлы улыўма билим бериў мектебинде 2 миллиард 176 миллион сумлық ири оңлаў жумыслары әмелге асырылады. Ал, 4-санлы көзи әззилер мектеп интернатында баҳасы 500 миллион сумлық қосымша 100 орынлы асхана жаңадан қурылады. Жәми бул  қурылыслар ушын 13 миллиард сумға жақын қаржы қаратылған.

Мектепке шекемги билимлендириў тараўын раўажландырыў мақсетинде 29 МПЖ аймағынан жеке исбилерменлерге өзиниң есабынан мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин қурыў ушын арнаўлы жер орынлары ажыратылып берилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.