Енди оны дүньяға танытыў ушын ҳуқықый тийкар буннан былай да беккемленди

Президентимиз тәрепинен күни кеше қол қойылған ҳәм 2018-жыл 4-апрельде баспасөзде жәрияланған Өзбекстан Республикасының «Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша Ислам шөлкеминиң Уставын (Баку, 2015-жыл 26-ноябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам усы мақсетке хызмет етеди.

Бәринен бурын, Ислам шөлкеми  ҳәм оның қайсы бағдарда жумыс алып баратуғынына тоқтап өтсек.

Ислам шөлкеми (АЙСЕСКО) Ислам бирге ислесиў шөлкеми (ИБШ)ниң қәнигелестирилген мәкемеси болып есапланады. Шөлкемниң резиденциясы Марокаш патшалығының  Работ қаласында жайласқан. Тегеран (Иран Ислам Республикасы) ҳәм Шаржа (БАӘ) қалаларында регионаллық офислери бар.

АЙСЕСКО ның жумыс алып барыў тиллери араб, инглис ҳәм француз тиллери болып есапланады.

АЙСЕСКО Уставына Өзбекстан Республикасы тәрепинен 2017-жыл 26-августта қол қойылған. Бул Устав кирисиў ҳәм 22-статьядан ибарат. Уставтың 4-статьясына муўапық, АЙСЕСКО ның тийкарғы мақсетлери төмендегилерден ибарат:

ағза мәмлекетлер арасында билимлендириў, илим, мәденият ҳәм коммуникация тараўларындағы бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў;

сондай-ақ, усы тараўларды адамгершиликке тән ислам қәдриятларының көзқарасынан раўажландырыў ҳәм жақсылаў. Түрли тараўлар  жәрдеминде, соның ишинде, билимлендириў, илим, мәденият ҳәм коммуникация арқалы ағза мәмлекетлерде және олардан тысқарыда халықлар арасында өз-ара бир пикирликти жәмлестириўге ҳәм пүткил дүньяда тынышлыққа және қәўипсизликке ерисиўге өз үлесин қосыў;

Ислам дини ҳәм мәдениятының дурыс түрин үгит-нәсиятлаў. Мәдениятлар, халықлар ҳәм динлер арасындағы сөйлесиўди раўажландырыўға көмеклесиў. Ислам мәденияты көзқарасына муўапық, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери принциплери менен бир қатарда, әдиллик ҳәм тынышлық қәдриятларын ғалаба ен жайдырыў бағдарында жумыс алып барыў;

ағза мәмлекетлерде мәдений өзине тәнликти сақлап қалған ҳалда мәдений бирге ислесиўди хошаметлеў ҳәм мәдений ҳәрқыйлылықтың түрли өзгещеликлерин қоллап-қуўатлаў;

Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң билимлендириў, илим, мәденият ҳәм коммуникация тараўындағы қәнигелестирилген мәкемелерге ҳәм АЙСЕСКО ға ағза мәмлекетлер арасындағы байланысларды беккемлеў. Олардың үйлесиклигине ҳәм бир-бирин толықтырып турыўына ерисиў. Ҳүкиметке қараслы болған ҳәм ҳүкиметке қараслы болмаған усы сыяқлы мәкемелер менен бирге ислесиў ҳәм шериклик қатнасықларын раўажландырыўға көмеклесиў;

ағза мәмлекетлердиң билимлендириў системалары арасында өз-ара байланысларды орнатыў. Олардың бир-бирин толықтырып турыўын тәмийинлеў ҳәм басқалар.

Уставта, сондай-ақ, АЙСЕСКО уйымларының статусы, ағзалық ҳәм бақлаўшы статусын алыў тәртиби, лаўазымлы шахслардың ўәкилликлери, Шөлкем жумысының қаржы мәселелери белгиленген.

Уставтың 6-статьясына муўапық ИБШ ға ағза болған ҳәр бир мәмлекет Уставты рәсмий қол қойылғаннан кейин ҳәм юридикалық және ҳуқықый рәсмий тәртип-қағыйдалар орынланғаннан кейин ҳәм АЙСЕСКО Бас дирекциясы жазба түрде хабардар етилгеннен кейин, АЙСЕСКО ағзасына айланады.

Өзбекстан тәрепинен Уставтың ратификацияланғаны билилмендириў, илим ҳәм мәденият тараўындағы халықаралық бирге ислесиўдиң буннан былай да раўажланыўына кең жол ашатуғыны сөзсиз. Бул ҳүжжет мәдений-гуманитарлық тараўда Өзбекстанның жетискен табысларын кеңнен үгит-нәсиятлаўда және бир ҳуқықый тийкар болды.

Сондай-ақ, елимиздиң ислам мәдениятын раўажландырыўдағы бийбаҳа орнын сәўлелендириў, әййемги тарийхымыз ҳәм мәдений мийрасымыз бенен таныстырыў, АЙСЕСКО шеңберинде Өзбекстан байланысларын кеңейтиў имканиятын береди.

Уставтың ратификацияланғаны Ташкент Ислам университети жанындағы АЙСЕСКО арнаўлы кафедрасының толық жумысын тәмийинлеўге жол ашты. Бул өз гезегинде оның раўажланыўына көмеклеседи. Усы кафедра ИБШ қа ағза мәмлекетлердиң сыртқы ислер министрлери кеңесиниң Ташкентте өткерилген 43-сессиясында мәмлекетимиз басшысының басламасы менен шөлкемлестирилген. Бул баслама усы кеңестиң гезектеги сессиясында қоллап-қуўатланған.

Норгул  АБДУРАИМОВА,

ӨзА ның хабаршысы