Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл   9-декабрьдеги 118-санлы мәжилис баянламасына тийкарланып, пайтахтымыздағы Беруний көшесинде, яғный, «Истиқлол» балалар дем алыў орайынан Арқа-Батыс әскерий округине шекемги 3850 метрлик аралықта ири оңлаў жумысларының алып барылыўы режелестирилген еди.

Бул бойынша жумыслар өз ўақтында шөлкемлестирилип, «Инжиниринг компаниясы» менен шәртнама дүзилип, жумысты бөлип алып ислеўши «Трансқурылыс» ЖШЖ тәрепинен 2016-жылдың июль айынан баслап жумыслар баслап жиберилди. Объекттиң улыўма баҳасы  16 миллиард 823 миллион сум.

Бүгинги күнге шекем 3550  метрлик аралықты асфальтлаў әмелге асырылған.

-Әсиресе, Төрткүл гүзарынан балалар дем алыў бағына шекемги аралықтың асфальтланғаны ҳәммени қуўандырмақта. Себеби, бурын бул жолдың ойлы-шуқыр, шаң-тозаңлы болғанлығы себепли автотранспортлардың көпшилиги, 5-6 километр алыста болса да,  108-бурылыстан айланып жүриўге ҳәрекет ететуғын еди,-дейди сол аймақтың турғыны Р.Ниетуллаев.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.