Республикалық «Еркин Қарақалпақстан» газетасында журналист Сағынбай Оразымбетовтың «Жәмийетлик транспорттағы  жетискенликлер ҳәм машқалалар» атамасындағы мақаласында автор жөнелисли таксилерде қайтымға 200 сум табыў машқала болып атырғанлығын билдирип, бул мәселени шешиўде қандай илаж көрилип атырғанлығын билиў мақсетинде Өзбекстан Автомобиль транспорты агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Аллаберген Бердиевке мүрәжат етеди.

А.Бердиев журналистке төмендешиге жуўап берген (газетадан өзгертпестен алынды):  

«Ҳәзир бул мәселе бизди де қыйнап тур. Қайтым бериўге табылмайды. Банклер арқалы шешиўге урынып көрдик, олар да тәмийинлеп бере алмады. Адамлар да көбинесе бизге «қайтым бермейди ямаса орнына шырпы береди» деп шағым етип келеди. Былайынша алғанда шофёр­ларға да қыйын. Майда ақша жоқ. Бермесе жәнжел шығады, сонлықтан шырпы беретуғынлар да табылады. Улыўма алғанда, мәселени усылай қалдырыўға болмайды. Сонлықтан, жақында жөнелисли таксилердиң баҳасын 1000 сумға көтериў бойынша усыныс енгиздик. Ҳәзир мәселе үйренилип атыр. Усылай етпесек, майда ақша таўып бериў қыйын. Халқымыз бизлерди де түсиниўи керек, 2014-жылдан берли қалалар аралық жол ҳақыны көтермедик. Болмаса жанар май, аўысық бөлеклердиң баҳалары бир неше мәрте көтерилди. Жол ҳақы 1000 сум­ға көтерилсе, қайтым бериў мәселеси де шешилген болар еди.

Дурыс, ҳәзирги күнде «Дамас» шофёрларының көпшилиги зыят адам алатуғыны ушырасып турмақта. Бул жағдайды да сапластырыў бо­йынша жумыс ислеп атырмыз. Деген менен, бизлердиң қолымыз келтелик етпекте. Соның ушын халқымыз бенен биргеликте ғалаба ат салыссақ, бул машқаланы сапластырыўға толық ерискен болар едик.

 

ҚХА