Республикалық «Еркин Қарақалпақстан» газетасында журналист Сағынбай Оразымбетовтың «Жәмийетлик транспорттағы  жетискенликлер ҳәм машқалалар» атамасындағы мақаласы жарық көрди. Төменде мақаланың толық текстин дыққатыңызға усынамыз.

 

Автобуслар

Ҳәр биримиз ҳәр күни үйден шығыўдан жолаўшыға айланамыз. Өйткени, жумысқа яки базарлап шықсақ, әлбетте, автотранспорт хызметинен пайдаланамыз. Бүгинги күнде халықты қыйнап атыр­ған машқалалар бир қатар тараўлар сыяқлы усы салада да жүз бермекте.

Жолаўшылар хызмет көрсетиўшилердиң ҳәрекетлерине наразы, өз гезегинде хызмет көрсетиўшилер жолаўшылардан. Гәп түбири айланып келгенде бир жерге келип тақалады. Неге усылай болып атыр? Ҳәзирги ўақытта халықтың көп наразылығына себепши болып атырған жағдай неден ибарат? Буны сапластырыў ушын не ислеў керек? Республикамыздағы барлық жолаўшы тасыўшы кәрхана баслықларына усындай машқалаларды сапластырыў ҳәм оның алдын алыў ушын нелер кесент етип атыр екен?

Неге дегенде жүз берип атырған машқалалар ҳәм көзбояўшылықлар елимиздиң раўажланыўына белгили дәрежеде зыянын тийгизиўи сөзсиз. Соның ушын, биз тәрезиниң еки тәрепин тең тутқанды мақул көрдик. Өйткени, шийеленискен мәселе усылай, тартыс-бәсекиде шешиледи. Сонлықтан, Өзбекстан Автомобиль транспорты агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Аллаберген Бердиев ҳәм орынбасары Бахтыяр Оразбаевлардың да бул мәселе бойынша пикирлерин ҳәм жуўапларын тыңладық.

Бизиң пикиримизше, жоқарыдағы саўалларға жуўап алыў ушын ҳәр бир мәселени бирим-бирим талқылап шыққанымыз мақул болар. Өйткени, ҳәр биринде өзине жараса айтылатуғын гәп бар.

Бир жақсы жери бүгин қала ишиндеги автобуслардың жол ҳақысы анағурлым арзан, баҳасы 500 сум. Усы жерде негизги белгиленген баҳа 500 сум емес, ал 700 сум екенлигин еслетип өткенимиз мақул болады. Жолаўшы ҳәм халықтың жағдайынан келип шығып, автобус шофёрлары усылайынша баҳаны арзанлатып айдап атырғанын билип қойғанымыз жақсы. Бул жағы әлбетте, жолаўшы ушын қолайлық. Бирақ, әттең дегизетуғын жери де жоқ емес. «Арзан гөштиң сорпасы татымас» деген. Тек пулы кемигени жоқ, бул сапаға да әдеўир тәсир жасағанына көз жумып қарап болмайды. Өйткени, бурын­ғыдай изли-изинен жүрип, адамларды мәнзилине жеткериўге асығып атырған автобус жоқ есабы. Қала ишине басын тиреди ме, болды, иши лыққа тол­ғанша орнынан қозғалыўды қәлемейди. Гейде адамлардың наразылығы, шаў­қым-сүренине де қулақ түрилмейди. Толмады ма, жүргизип болыпсаң. Ақыры, олардың да жобасы бар, үйинде бала-шағасы қарап отыр.

Екиншиден, жүрип те жол өндирмейди. Адамның төбеси көринди ме, яки қолы жоқарыға көтерилди ме, ғырра иркиледи. Ҳәтте, үйинен шыққанға қол былғап, сигнал басып «Минесең бе?» дейтуғынға шекем барғаны бар гәп. Мениңше, олар «Қарыйдар бәрқулла ҳақ» дегенди басқаша түсинген.  Не болыпты, адамларға қолайлық жаратып атыр. Оларды келеси автобус келгенше күттирип қоймайды. Азғана иркилип, мингизип кетеди. Басқалар күте турса не қылыпты, «Асықпаған арбалы қоянға жетеди» ақыры…

Әлбетте, буны тек автобус шофёрларының  қәтеси деў де қыйын. Адамлардың өзлеринде  де айып бар. Көпшилик үйинен шыға сала көликке минип кеткиси келеди. Бәндиргиге барыўға шамасы, былай-былайға қараўға ўақты жоқ. Гез келген жерде қол көтереди, қәлеген жеринде минеди. Мине, буның да белгили баслы тәсири бар шығар. 

Асығыс жолаўшы шофёрға «Неге тоқтай бересең?» деп тоң­қылдаса, түсетуғын адам айдаўшыға «Неге тоқтамайсаң?» деп бақырып атырғаны. Бул жерде ким ҳақ, кимниң наҳақлығын айырыў да аңсат болмай қалды.

Үшиншиден, «Автобус бәндиргиде қанша турыўы керек?» деген саўалдың «аспанда асылып» турғанына көп болды. Еле жуўап табылмайды. Өйткени, ҳәзирги «стоянка» – бәндирги автобуслардың адам толмаса тура беретуғын жери болып қалды. Оларға «Неге жүрмейсең?» десең сени ақмаққа шығарады ямаса «Асығыс болсаң таксиге мин» деп ҳөктемлик көрсетеди. Даў-жәнжелдиң кейни «Мен сени зорлап мингизбедим» дегенге келип тақалады. Сылтаўы даң­ғырлап кетсе, жолдан ҳеш ким минбесе, мойнындағы жобаны қалай орынлайды?  Соның ушын адам толтырып шығатуғын қусайды.

Нәтийжеде, «Сағадағы суў ишер, аяқтағы уў ишер» жағдайы пайда болады. Жолдағы автобус күткен жолаўшылар күте-күте жолшыбай машинаға отырыўға мәжбүр. Солай етип, автобус өз жолаўшысынан айырылады. Бирақ, оны автобус шофёрлары түсингиси де келмейди. Аңсат жол — стоянкадан толтырып шығыў таңланады. Ақыбетинде, олар жолаўшыны да, олардың автобус­қа деген исенимин де жойтады.

Өзим районда турғаным менен пайтахтқа қатнап ислеймен. Сонлықтан, ҳәр күни жолаўшы тасыўшы автотранспортлар хызметинен пайдаланаман.

Районлар аралық автобуслардың да жағдайы усындай. Сонда да гейпара айырмашылықлар да табылып қалады. Биринши гезекте бул баҳасында көринеди. 2014-жылдың февралынан 2018-жылдың 1-январына шекем Нөкис-Кегейли автобусының баҳасы 1500 сум, ал, Нөкис-Халқабад 1300 сум еди. Ал, Халқабадтан Кегейлиге минген жолаўшылар 800 сум жол ҳақы төлеп келди. Сонда артықша 600 сум қайдан пайда болды? Ямаса, басқа себеби бар ма? Нөкис-Шымбай, Нөкис-Қараөзек, Нөкис-Тахтакөпир автобусының да жағдайы усындай.

Ал, 2018-жылдың 1-январынан баслап болса, Нөкис-Кегейли жөнелиси ушын жол ҳақы 2000 сум болыўына қарамастан, усы автобустан Халқабадтан түсер болсаң нақ 1500 сумыңды алып қалатуғын еди. Ал, сол автобусқа Халқабадтан минсең 1000 сум жол ҳақы сорайды. Қызық, сонда Халқабад-Кегейли аралығы ушын жол ҳақы қанша болғаны? 500 сум ба ямаса 1000 сум?..

Усы жылдың февраль айынан жол ҳақы және көтерилди. Бирақ, жағдай сол турысында қалды. Және ески нама. Нөкис-Кегейли 2500 сум болса да, Халқабад­қа дейин 2000 сумыңды алады. Ал, Халқабадтан Кегейлиге 1000 сум. Мүмкин, Шымбай автобусы жөнлескен деп ойларсыз, қайда? Нөкис-Шымбай 3500 сум, Халқабадта қалсаң 2000 сум, ал, Халқабадтан Шымбайға 2000 сум дейди кондуктор бежирейип қарап.

Халқабадтың адамларының не жазығы бар болғаны? Жары жолда түсип қалғаны ушын көбирек жол ҳақы төлеўи керек болғаны ма? Яки Нөкис-Хал­қабад аралығына автобус қойылмағаны ушын олар айыплы ма!

Улыўма алғанда, бүгин автобуслардың хызмет көрсетиўине халқымыз наразы десек, ҳеш нәрсе айтпағанымыз. Туўрысы, қатты наразы.

Қәнигениң жуўабы. Бахтыяр Оразбаев:

— Жақында сондай ўақыя болды. Бир айдаўшының үстинен шағым етти. Былайынша айдаўшы ҳақ. Бир жолаўшы түскеннен кейин 50 метр жүрмей және «Тоқта» деген. Тоқтамаған. Соған шағым етипти. Шағым етиўши тәреп «Қәлеген жерде тоқтап атыр, неге мен айтқанда тоқтамайды?», дейди. Улыўма алғанда, шофёрларға да қыйын, тоқтамаса шағым етеди, тоқтаса басқа жолаўшының наразылығына себепши болады.

Районлар аралық автобуслардың баҳасы быйылғы жылдан баслап көтерилди.

Негизинде жөнелисли автотранспортлар стоянкада 10-15 минуттан артық турыўы мүмкин емес. Бул тендер ойналғанда белгилеп бериледи, жол ҳақы баҳалары да сондай.

200 сум  қайда кетти?

Жақында азанда асығыс маршрутлы таксиге отырып қалдым. Алдынғы орынлықта отырыппан. Шофёрға жол ҳақы ушын 1000 сум бердим. Ол ақшамды алды да:

— 200 сумыңыз бар ма?- деп тосаттан саўал берип қалды.

Басыма бирден бир ой сап ете қалды. Демек, жол ҳақы қымбатлаған! Мениң буннан хабарым болмаған. Сонлықтан сынымды бузбастан кисемнен 200 сумлықты шығарып бердим. Күтилмегенде ол қолыма 500 сум услатты. Ҳайран болып бетине тигилдим.

— Ҳаў, жол ҳақы арзанды ма?

— Яғаў. 200 сумлықты усылай жыйнаймыз, жора,-деди ол күлешырайланып. — Өзиң билесең, еки жүзлик табыў қыйын. Биреў болмаса биреўдиң қалтасынан еки жүзлик табылып қалады. Олардың көпшилиги 800 сумға толтырмағанша жыйнап жүре береди.

— Сонда зыянға ислейсиз бе? Меннен 100 сум кем алдың, тағы басқадан сөйтсең, табысың кемип қалмай ма?

— Қалғанын қудай жеткерсин. Өйтпесең, адамларға қайтымды қалай бересең. Бермесең даў-жәнжел,-деди ол.

— Жүдә олай емес шығар-аў. Сен де кешқурын жол хақыны 1000 сумға көтеретуғын шығарсаң,-дедим оны сөйлетким келип. Гейбиреўлер сөйтеди ғой. Сылтаўы 200 сум жоқ. Тағы бири қайтымға шырпы услатады.

— Енди не қыламыз. Қайтымын бермей  көр, жигит екенсең. Жаңағы сен айтқандай 1000 сумнан айдайтуғынлар топарына да кирмеймен. Барына шүкирлик етемен.

Туўрысы, бул ўақыяның ҳәр биримиз, дерлик ҳәр күни гүўасы болып жүрмиз. Гейде 200 жүзликтиң орнына шырпы берилетуғыны да сыр болмай кетти. Аласаң, алмасаң шофёрдың бас­қа беретуғыны жоқ. Олар да адам. Усы талап пенен бала-шаға асырайды, қазан қайнатады. Оның да ҳүкиметке, машина ийесине беретуғыны бар.

Бирақ, усы жерде және бир нәрсе итибардан қалып баратыр. Оларды жаңағы айтқандай, өз зыянына жүрипти деп те айтыўға болмайды. Себеби, негизинде 6 адамлық «Дамас»қа 7 адам, гейде 8 адам алып, кемисин толтырады.

 Ал, сол 200 сум қайда кетти? Шофёрларды адамлар менен қырылыс­тырып атырған еки жүзлик қайда?

Қәнигениң жуўабы. Аллаберген Бердиев:

— Ҳәзир бул мәселе бизди де қыйнап тур. Қайтым бериўге табылмайды. Банклер арқалы шешиўге урынып көрдик, олар да тәмийинлеп бере алмады. Адамлар да көбинесе бизге «қайтым бермейди ямаса орнына шырпы береди» деп шағым етип келеди. Былайынша алғанда шофёр­ларға да қыйын. Майда ақша жоқ. Бермесе жәнжел шығады, сонлықтан шырпы беретуғынлар да табылады. Улыўма алғанда, мәселени усылай қалдырыўға болмайды. Сонлықтан, жақында жөнелисли таксилердиң баҳасын 1000 сумға көтериў бойынша усыныс енгиздик. Ҳәзир мәселе үйренилип атыр. Усылай етпесек, майда ақша таўып бериў қыйын. Халқымыз бизлерди де түсиниўи керек, 2014-жылдан берли қалалар аралық жол ҳақыны көтермедик. Болмаса жанар май, аўысық бөлеклердиң баҳалары бир неше мәрте көтерилди. Жол ҳақы 1000 сум­ға көтерилсе, қайтым бериў мәселеси де шешилген болар еди.

Дурыс, ҳәзирги күнде «Дамас» шофёрларының көпшилиги зыят адам алатуғыны ушырасып турмақта. Бул жағдайды да сапластырыў бо­йынша жумыс ислеп атырмыз. Деген менен, бизлердиң қолымыз келтелик етпекте. Соның ушын халқымыз бенен биргеликте ғалаба ат салыссақ, бул машқаланы сапластырыўға толық ерискен болар едик.

 

«Газель», «Дамас» неше орынлық?

Қала ҳәм районларға қатнайтуғын жөнелисли таксилердиң хызметин де мақтаўға ылайық деп айтыўға болмайды. Машқалалар, айтылатуғын, адамлардың ишинде жыйналып қалған гәплер көп. Ең бириншиси, орынлық мәселеси. Негизинде «Дамас» шофёры менен қоса есаплағанда 7 орынлық. Бирақ, ҳәзирги күнде 8 адамлық болып кетти. Оған таң қалыўды да қойдық. Гейде, баса-бас гезде 9 адам да мингизиле береди. «Газель»лер де соның сыңары. 14 орынлық машина гейде, әсиресе, адам көп ўақытта үсти-үстине жолаўшы алатуғын болды. Дәслеп қолдан соғылған орынлықлар пайда болды. Соң орынлықлар адамды көбирек алыўға қолайластырылып қайта исленди. Бара-бара бул да шофёр­ларға азлық етти. Енди адамларды қақайтып болса да алып кететуғынды шығарды. «Газель»ге миндиң, қысымға түстиң дей бер. Төрт адамлық орынлыққа бес, үш адамлық орынлыққа 4 адам биймәлел жайғаса береди. Оның үстине ортада түргелип турғанлар аяғыңа тирелип, мазаңды алады. Қыста да ҳеш гәп, ал, жаздың мыс қайнаған ыссысында бул жолаўшыларға оғыры қолайсызлық туўдырады. Өзи кишкене салонға 20-22 адам тығылысып, ҳаўа да жетпей қалады.

Оларға да тендер ойналғанда неше адам алыў кереклиги, жүретуғын, тоқтап туратуғын ўақты белгилеп бериледи. Бирақ, ҳәзир оған қарап атырған адам жоқ. Салон толмаса, аўысық, қолдан жасалған орынлықлар толығы менен толмағанша бәндиргиден бир адым да жылыспайды.

Туўрысы, буны қадағалап, тексерип атырған адамды көрмейсең.  Дурыс, бурынлары автоинспекция хызметкерлери рейд өткерип, артықша орынлықларды алып таслап атырғанын көрип қалатуғын едик. Ке­йинги ўақытта олар да умытты ма, билмеймен, керегинен артық адам алып баратырған шофёрларды көрсе де көрмегенге алатуғын, оларды тәртипке шақырмайтуғын болып кеткен.

 

Неше жастан баслап жол ҳақы алыныўы керек?

Бул мәселе де көп даў-жәнжелге себеп  болып атырған жағдайлардан бири. Қала ишиндеги автобусқа минсең көбинесе усы мәселедеги тартысқа гүўа боласаң. Кондуктор ушын баслы мәселе — жоба, яғный өзиниң күнделикли жыйнайтуғын пулы, жолаўшы киши жаста болсын, үлкен жаста болсын орынлыққа отырса болды жол ҳақы сорай береди. Ал, жолаўшылар «Балам кишкене, неге ақша сорайсаң?» деп тартысады. Биреўлер «14 жасқа шекем төлемеўи керек» десе, биреўлер «Мектепке барса болды, төлей береди» дейди. Соның изи телпек дирилдеспекке дейин барып тақалады. Хош, буның шешими қандай? Кимдики дурыс?

Қәнигениң жуўабы. Бахтыяр Оразбаев:

— Халқымыз арасында усы мәселеде түсинбеўшилик көп болып атыр. Көпшилик «Неге шаппаттай баладан жол ҳақы сорайды?», деп дәпинип келеди. Бизлер түсиндиремиз. Бүгинги күнде 7 жасқа шекемги балалар жолаўшы тасыўшы транспортларға бийпул миниў ҳуқықына ийе. Ал, 7 жастан баслап жол ҳақы төлеў белгиленген. Усыны халқымыз жақсы билип қойса, жаңағыдай аўҳалдың алды алын­ған болар еди.

Барлығына тәбият айыплы ма?..

Инсанға тәбиятты басқарыў ҳуқықы берилмеген. Тәбият қәле-қәле ме өз қәлеўин ислейди. Жаўын жаўады, қар таслайды. Ал, енди сизлер буның бул жерге не байланысы бар екен? деп ойларсыз. Бар, бар болғанда қандай. Жолаўшы тасыўшы транспортлардың қар жаўған, жерди муз қаплағанда азайып кететуғыны ҳәммеге аян. Бунда, әлбетте, биринши нәўбетте қәўипсизлик мәселеси есапқа алынады. Бунысы дурыс. Бирақ, теңгениң екинши тәрепи де бар. Мәселен, жолаўшы жумысқа барыў ушын ямаса басқа шар­ўасы менен жолға шығады. Мәнзилине бармаса болмайды. Қырсығына қар жаўған, машина аз. «Дамас»лар тоқ­татыл­ған, «Газель» ҳәм автобуслардың саны аз. Олар да толып келеди, тоқтамай кетеди.

Усындайда жеңил машина ийелериниң жолы болып қалады. Жол ҳақыны барынша көтерип, бир байып қалады. Ол да ҳәммеге жетисе бермейди. Бул жеңил машиналардың жолаўшыларды алыўға лицензиясы бар ма, жоқ па, оған қарап атыр­ған адам жоқ.

Сонда жолаўшы не ислеўи керек? «Машина жоқ» деп жумысқа сылтаў айта алмайсаң, туўрысы сылтаўың өтпейди. Қала ишинде болса да ҳеш гәп, жумысқа пияда келип кетиўиңе де болады. Ал, шетки елатлардан келетуғынлар не ислеўи керек? Хызметкердиң жумысына, оқыўшының оқыўына кешигип барғанына ким айыплы? Тәбият па ямаса машиналар?..

Бизиңше, адам жоқ, машқала жоқ сыяқлы жол тутқан менен мәселе өз-өзинен шешим таппайды. Дурыс, қәўипсизлик керек. Бирақ, жолаўшыларды да ойлаў керек. Демек, бул мәселениң де шешимин тапса болады. Гәптиң туўрысы, мәселе  ҳәр ким өз жумысын толық атқармағанында болып отыр. Себеби, бизде асфальт жолларға қатып қалған қарды яки музды сындырыўшы ҳәм тазалаўшы заманагөй техникалар жоқ емес, бар. Бирақ, олар ўазыйпаларын толық атқармайды. Егер жол хызметкерлери түни менен жолларды тазалап шыққанда, транспортлардың ҳәрекети тоқтатылмаған, хызметкерлер жумысына, студентлер оқыўына кешикпеген болар еди.

Қәнигениң жуўабы. Аллаберген Бердиев:

— ҚРИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасынан транспортлардың ҳәрекетин тоқтатыў ҳаққында тапсырма бериледи. Тоқтатылғанда тек «Дамас» автомашиналарының ҳәрекети тоқтатылады. Ал, автобус ҳәм «Газель»лер күнделикли хызметин атқара береди. Бул ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын исленип атырған илаж.

***

Бул мәселеде биз ҚРИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасына да мүрәжат еткен едик, тилекке қарсы олардан жуўап ала алмадық. Сонлықтан, олар еле де пикирин билдиреди деген үмиттемиз.  Ҳәзирги күнде Өзбекстан Автомобиль транспорты агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, ҚРИИМ ЖҲҚ бас­қармасы, МСИ хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Телера­диокомпаниясы менен биргеликте жүк ҳәм жолаўшы тасыў бойынша лицензияға ийе болмаған, лицензия шәртлери орынланыўын қадағалаў ҳәм тағы басқа нызамсыз ҳәрекетлер бо­йынша бир қатар рейд­лер өткерип атыр. Усындай рейдлерге баспасөз тараўы хызметкерлеринен де қәнигелерди қатнастырып, нәтийжеси ҳаққында баспасөз бетлеринде жәрияланып барылса, сезилерли дәрежеде бул машқалалардың сапластырылыўына ерискен болар едик.

***

Деген менен биз тараўда улыўма жағдай төмен дәрежеде демекши емеспиз. Керисинше, бир қатар унамлы жумыслар да исленип атырғанлығын да айтып өтсек арзыйды. Өзбекстан Автомобиль транспорты агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен де айтарлықтай жумыслар исленип атыр. Атап айтқанда, басқарма хызметкерлери өткен жыл даўамында ҚРИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы, МСИ хызметкерлери менен биргеликте жүк ҳәм жолаўшы тасыў бойынша лицензияға ийе болмаған, лицензия шәртлери орынланыўын қадағалаў бойынша 195 мәрте рейд өткерген. Рейдлер даўамында жәми 2840 нызамбузыўшылық анықланған. Бул нызамбузыўшылықлардың 1783и физикалық, 1057си юридикалық тәреплер тәрепинен жүз берилген. Соның 197си лицензияның талап ҳәм шәртлерин бузған, 943и лицензиясыз автотранспорт хызметин көрсеткен. Соннан 591 нызамбузыўшылық судта көрип шығылып, нызам бузыўшы шахс­лардан 263,9 миллион сум жәрийма өндирилген.

Басқарма тәрепинен өткен жылы 454 жүк тасыўшы, 8461 жолаўшы тасыўшы автотранспорт­ларға жәми 9615 лицензия карточкалары берилген. Мәмлекетке 2182,5 миллион сум бажы пулы өткерилип, арзаларды көрип шығыў ушын 3 398 394,7 сум мәмлекетке төленген.

Автотранспортта жүк ҳәм жолаўшы тасып, төлемли хызмет көрсетиўши тасыўшылар тәрепинен лицензия питиминиң талаплары ҳәм шәртлерин, азанғы техникалық ҳәм медициналық тексериўден өтиў орынларын әсбап-үскенелер, қәнигели хызметкерлер менен тәмийинлеў бойынша ҚРИИМ ЖҲҚ бас­қармасы ҳәм МСИ хызметкерлери менен бирге өткерилген мониторингта үйренип шығылған.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында 350 жолаўшы тасыў кәрханалары, 423 жөнелис бар болып, соннан 47 қалалар аралық автобус жөнелислери, 38 қалалар аралық микроавтобус жөнелислери, 79 қала әтирапы автобус жөнелислери, 127 қала әтирапы микроавтобус жөнелислери, 10 қала иши автобус жөнелислери, 104 қала иши киши микроавтобус жөнелислери, 18 ўәлаятлар аралық автобус жөнелислери бар.

Республика бойынша қала ишинде 5, районларда 14, жәми 19 жолаўшы автовокзаллары ҳәм автостанциялары ислеп тур. Соннан өткен жылы Мойнақ районындағы жолаўшы автовокзалы 125 миллион сум қаржы есабынан қайта реконструкциядан шығарылды. Быйылғы жылда Шымбай ҳәм Тахта­көпир районларындағы жолаўшы автовокзалларына реконструкция ислеў ушын 200 миллион сум муғдарында қаржы ажыратылып, оңлаў жумыслары баслап жиберилди. Сондай-ақ, Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан» АПЖ аймағында жайлас­қан жолаўшы автовокзалы быйылғы жылда жергиликли исбилерменниң қаржысы есабынан жаңадан қурып берилетуғын болды. Пайтахтымыздағы  арқа автовокзал май айында «Таслақ» елатындағы, Гөне қала аймағындағы жайласқан автостанция «Жийдели-Байсын» елатында жаңадан қурылып атырған жолаўшы автовокзалларына көшириледи.

Өткен жылы 5 ашық тендер таңлаўы өткерилген.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 18-майдағы 139-санлы «Жөнелиссиз таксилер жумысын тәртипке салыў ис-режелери ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында 740 лицензия карточкаларына ийе болған автотранспортлардың барлығы сары реңге боял­ған.

2016-жылы автотранспорт хызметин көрсетиўден 32164,0 миллион сум түскен болса, 2017-жылы 38600,0 миллион сум түсип, реже 110,7 процентке орынланған. Бүгинги күнде басқармада «Исузи» маркалы 21, 37, 42, 74 сыйымлылыққа ийе автобуслар бар.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1992-жыл 4-марттағы 221-санлы «Авиация ҳәм автомобильде тасыў тарифлери ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, 1992-жыл 6-майдан баслап қалалар аралық автобус жөнелислеринде тариф еркин баҳаға өткерилиўи  әмелге асырылсын деп белгиленген. Сол себепли, 2014-жылдың февралынан баслап тарифлердиң өзгериссиз турғанлығы ҳәм Қарақалпақстан аймағында жолаўшы тасыў менен шуғылланыўшы автотранспорт кәрханалардан транспорт хызметиниң өзине түсер баҳасы бо­йынша келтирген усынысларына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы  республика аймағында қала әтирапы ҳәм қалалар аралық автотранспорт жөнелислеринде жолаўшыларды тасыўды шөлкемлестириў комиссиясының 2018-жыл 2-февраль күнги мәжилис  баянламасы қарары менен 2018-жыл 10-февраль күнинен баслап жөнелис тарифлерине өзгерис киргизилди. Буған көре 1 жолаўшы ушын километр тарифи Республика  иши, қалалар аралық автобус жөнелислери ушын 82 сум, микроавтобус  жөнелислери ушын 85 сум,  жеңил такси жөнелислери ушын 130 сум муғдарында белгиленди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1994-жыл 8-сентябрь күнги 455-санлы «Қалада ҳәм қала әтирапына қатнайтуғын жолаўшы тасыў транспорты хызметлериниң тарифлери ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, 1994-жыл 1-октябрьден баслап қала әтирапындағы жөнелислер бойынша қатнаўшы автобуслар ушын тариф еркин баҳаға өткерилиўи әмелге асырылсын, деп белгиленген. Сонлықтан, 2014-жылдың февраль айынан тарифлердиң өзгериссиз турғанлығы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймағында жолаўшы тасыў менен шуғылланыўшы автотранспорт кәрханаларының транспорт хызметиниң өзине түсер баҳасы бо­йынша келтирген усынысларына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы республика аймағында қала әтирапы ҳәм қалалар аралық автотранспорт жөнелислеринде жолаўшыларды тасыўды  шөлкемлестириў комиссиясының 2018-жыл, 2-февраль күнги мәжилис баянламасы қарары менен 2018-жыл, 10-февраль күнинен баслап жөнелис тарифлери өзгерди. Яғный 10-февральдан баслап бир жолаўшы километр тарифи қала әтирапы автобус жөнелислери ушын 80 сум, микроавтобус жөнелислер ушын 85 сум муғдарында белгиленди.

Өткен жылы жолаўшы тасыўшы кәрханалар тәрепинен 39 автобус алынған. Быйылғы жылы болса 40 автобус алыныўы режелестирилмекте.

 

Бәнтбасар

Әлбетте, биз бүгинги күнде республикамыздағы автотранспорт тараўында жүз берип атырған машқалалар алдағы ўақытларда тийисли уйымлар тәрепинен қадағаланып, тәртипке салыныўына исенип қаламыз. Себеби, 2018-жыл 6-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң «Автомобиль транспортын басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарарда улыўма пайдаланыўдағы жолаўшылар тасыўларын әмелге асырыўды онлайн тәризде автоматластырылған мониторинг етиў системасын оператив хызметлер системалары менен интегралласқан жағдайда жаратыў ҳәм енгизиў, бирден-бир автоматластырылған жол ҳақы төлеми сис­темасын енгизиў, орынлардағы жергиликли мәмлекетлик уйымлар қарамағында болған улыўмалық пайдаланыўдағы жолаўшы жөнелислериндеги тоқтаў бәндиргилерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары алып барылатуғынлығы атап өтилген.

Сондай-ақ, «Өзавтотранс» агентлиги жанында автомобильде жолаўшылар ямаса жүклерди тасыў, транспорт-логистика жумысларын әмелге асыратуғын бийғәрез қәнигелескен, юридикалық шахс ҳуқықлары тийкарында кәрханалар шөлкемлестирилетуғынлығы ҳәм тағы басқа да тараў жумысларын еле де жетилистириў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилген.

Биз елимизде ҳүрметли Президентимиз басшылығында жүргизилип атырған тараўға байланыслы реформалардың орынланыўының тәрепдарымыз. Солай екен, жағдайға усы көзқарас­тан қарап баҳа бериўимиз керек. Себеби, ҳәрекеттеги Нызамлар, Президент Пәрманлары менен қарарлары ҳәм тағы басқа да нормативлик ҳүжжетлер елимизде жүргизилип атырған реформалардың саррас турмысымызға енгизилиўи ушын қабыл етиледи.

Сағынбай  ОРАЗЫМБЕТОВ,

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: Орайлық базарда жайласқан стоянкадағы бүгинги жағдайлардан көринислер.