2018-жыл 30-март күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам етти.

Сенаторлар Өзбекстан Республикасы Орайлық банки басқармасы баслығының Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң 2017-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабын тыңлады.

Басқарма баслығы М.Нурмуратов өз есабында ақша-кредит сиясаты күшли инфляция басымы сақланып турған ҳәм экономикадағы структуралық өзгерислер жедел басқышқа өткен, соның ишинде, валюта сиясаты ҳәм сыртқы саўда жумысы еркинлестирилип атырған бир ўақытта алып барылғанын атап өтти. Сол себепли тийкарғы итибар ақша-кредит сиясаты қуралларынан нәтийжели пайдаланыўға қаратылды.

Орайлық банк коммерциялық банклердиң капиталласыў ҳәм ликвидлик дәрежесине қойылған талапларды күшейтти ҳәм 2017-жыл июнь айында қайта қаржыландырыў ставкасын 9 проценттен 14 процентке көтерди. Соның менен бирге, кредитлеў көлемлери тез пәтлерде өсиўи нәтийжесинде ликвидликтиң жетиспеўшилигине жол қоймаў ушын 2017-жылдың екинши ярымында коммерциялық банклерге қайта қаржыландырыў кредитлерин бериў механизмлери енгизилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 2-сентябрдеги «Валюта сиясатын либералластырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы Пәрманын орынлаў бағдарында 2017-жылдың сентябринен баслап миллий валюта алмасыў курсын анықлаўдың базар механизми енгизилди, сондай-ақ, халық ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын валюта қаржыларын сатыўға, сатып алыўға ҳәм ийелик етиўге қойылған шеклеўлер алып тасланды.

2017-жылы коммерциялық банклердиң жәми капиталы 2,3 есеге асты, ҳәм 20,7 триллион сумға жетти. Капиталдың жетерлилик көрсеткиши 18,8 процентке артты, ол болса халықаралық нормалардан 1,8 есе артық болып табылады. Коммерциялық банклердиң тартылған дипозитлериниң улыўма көлеми 1,6 есеге артты ҳәм 58,7 триллион сумды қурады. Банклер активлериниң улыўма көлеми 2 есеге көбейди ҳәм 2018-жылдың 1-январь ҳалатына бола 166,6 триллион сумды қурады.

Банклер жедел кредит сиясатын әмелге асырыўды даўам етиўи нәтийжесинде экономиканың реал секторына бағдарланған кредитлердиң жәми көлеми 2,1 есеге асты ҳәм 110,6 триллион сумды қурады. Атап айтқанда, коммерциялық банклер тәрепинен инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын 16,1 триллион сумлық кредитлер ажыратылды, ол болса 2016-жылға салыстырғанда 1,3 есеге көп болып табылады.

Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетинде коммерциялық банклер тәрепинен 19,6 триллион сумлық кредитлер, соның ишинде, 4 триллион сумлық микрокредитлер ажыратылды. Соның ишинде, ҳаял-қызлардың исбилерменлик жумысы раўажланыўын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2,8 триллион сумлық, хызметлер ҳәм сервис тараўын раўажландырыў ушын 3,6 триллион сумлық және шаңарақлық исбилерменликти ҳәм өнерментшиликти раўажландырыў ушын 490,3 миллиард сумлық кредитлер ажыратылды.

Аўыл халқының турақ жай шараятларын жақсылаў мақсетинде коммерциялық банклер тәрепинен аўыллық жерлерде үлги жойбарлар бойынша турақ жайлар қурыў ушын 1,8 триллион сумлық ипотека кредитлери берилди.

2017-жылы банк системасында әмелге асырылған илажлар Орайлық банк ақша-кредит сиясатының нәтийжелилигин арттырыў, банк системасының қаржылай турақлылығын, оның исбилерменлик жумысын раўажландырыўдағы ролин буннан былай да беккемлеў ҳәм инвестициялық процесслердеги қатнасын жеделлестириў имканиятын берди, сондай-ақ, елдиң макроэкономикалық турақлылығын беккемледи.

Сенаторлар есапты додалаў даўамында Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша пикир-усыныслар билдирди. Банк жумысын қадағалаўдың халықаралық принциплериниң талаплары ҳәм басқа илажлары тийкарында капиталдың жетерлилигин, коммерциялық банклердиң ликвидлигине ҳәм турақлылығына тийисли талаплардың орынланыўын тәмийинлеў илажларын күшейтиў усыныс етилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 23-марттағы «Банк хызметлериниң ғалабалығын арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында нәзерде тутылған банк хызметлериниң қолайлылығы дәрежесин арттырыў, банк хызметлери пайдаланыўшыларының ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлеў, халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине хызмет көрсетиў сапасын ҳәм мәдениятын түп-тийкарынан арттырыў бойынша ўазыйпаларды өз ўақтында және сапалы орынлаў зәрүрлиги атап өтилди. Бизнес ҳәм инвестиция орталығын жақсылаў, ақша-кредит сиясаты монетар факторларының инфляцияға көрсететуғын тәсирин азайтыў арқалы баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў ушын зәрүр шараятлар жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратыў зәрүр.

Додалаўдың жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан соң сенаторлар Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң 2017-жылы ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўышылықтың жағдайы ҳаққындағы мәлимлемесин тыңлады.

Әдиллик министрлиги тәрепинен нызам ҳүжжетлериниң, Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманларының ҳәм қарарларының орынланыўын тәмийинлеў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди тарқатыў системасын жетилистириў, олардың мәнисин ҳәм әҳмийетин орынлаўшыларға ҳәм халыққа жеткериўдиң нәтийжели механизмлерин жаратыў жолында бир қатар илажлар өткерилип атырғанлығы атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Президениниң 2017-жыл 8-февральдағы «Нызам ҳүжжетлерин тарқатыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди тарқатыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, орынлаўшыларды ҳәм халықты ҳуқықый хабардар етиў сапасын арттырыў илажлары көрилмекте. 2017-жыл 7-сентябрь күни «Ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў ҳәм оннан пайдаланыўды тәмийинлеў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди. Онда мәмлекетлик уйымлар, министрликлер менен ведомстволардың, арнаўлы ўәкилликли уйым – Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў бойынша ўәкилликлери, ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў тәртиби ҳәм механизмлери белгилеп берилген.

Нызам ҳүжжетлерин тез тарқатыў мақсетинде қорғалған байланыс каналлары (VPN) арқалы ведостволараралық электрон бирге ислесиў системасы иске түсирилгенлиги атап өтилди.

Өзбекстанда интернеттен пайдаланыўшылардың саны 20 миллионға жеткенлигинен келип шығып, Әдиллик министрлиги нызам ҳүжжетлерин халыққа жеткериў ушын интернет имканиятларынан имканы болғанша көбирек пайдаланбақта. «Фейсбук», «Инстаграм», «Твиттер», «Одноклассники» сыяқлы ғалабалық социаллық тармақларда министрликтиң арнаўлы бетлери ашылды. Соңғы 4 жыл ишинде 100 мыңнан аслам адам усы бетлерге кирди. Бундай арнаўлы бетлер адамлар менен тиккелей сөйлесиў орнына айланды. Министрликтиң «Халық пенен сөйлесиў» арнаўлы бети интернеттеги ең ири жойбарларынан бири болды, усы арнаўлы бетке 100 мың адам қосылды. «Телеграм» мессенджериндеги «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы 4 ай бурын иске түсирилди ҳәм бүгин 80 мың жазылыўшысына ийе. Ол арқалы 2500 ден аслам мәлимлеме тарқатылды.

Ҳуқықый үгит-нәсиятлаў тараўында пайдаланыўшылардың  белсендилигин арттырыў мақсетинде таңлаўлар жәрияланды. Олардың жеңимпазлары мүнәсип хошаметленбекте.

Нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин социаллық тармақлар арқалы түсиндириў мақсетинде үш тилде (өзбек, орыс ҳәм инглис тиллеринде) «Ҳуқықый мәлимлеме» видеоблогы жойбары иске түсирилди.

Көпшилик, әсиресе, аўыллық жерлердеги халықтың интернеттен пайдалана алмаслығын инабатқа алып, Әдиллик министрлиги республика регионларындағы жумыслардың жағдайын үйренип шықты. Халықтың ҳуқықый мәдениятын қәлиплестириў бойынша үлкен кемшиликлер бар екенлиги анықланды. Бул болса жаңа көз қарасларды излеўди ҳәм енгизиўди талап етпекте. Сол мүнәсибет пенен қысқа ўақыт ишинде кодекслер ҳәм нызам ҳүжжетлери топламлары 70 мың  нусқада басып шығарылып,  орынларға тарқатылды.

Елимизге инвестициялар киргизиў итималы болған инвесторларды Өзбекстанда бизнес жүргизиў ушын жаратылған ҳуқықый шараятлардан хабардар етиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Миллий нызам ҳүжжетлери базасының инглис тилиндеги версиясын жаратыў үстинде жумыс алып барылмақта.

2017-жылы мәмлекетлик уйымлардың ҳуқықый үгит-нәсиятқа ҳәм ағартыўшылыққа байланыслы жумысларын муўапықластырыў бойынша Ведомстволараралық кеңесиниң жаңаланған қурамы тастыйықланды, бул кеңестиң аймақлық комиссиялары дүзилди.

Бирақ Ведомстволараралық кеңестиң бул бағдардағы жумысында бир қатар машқалалар бар. Атап айтқанда, мәмлекетлик уйымлар тәрепинен ҳуқықый үгит-нәсият тараўында өткерилген илажлар талқыланбайды, мәмлекетлик уйымлардың аймақлық бөлимлердиң ҳуқықый үгит-нәсият тараўындағы жумыслары үстинен тәсирли қадағалаў орнатылмаған, илажлар гөнерген форматта ямаса рәсмийлик ушын өткерилмекте.

Мәлимлемени додалаў даўамында сенаторлар Әдиллик министрлигиниң усы тараўдағы жумыс нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша пикир-усыныслар берди. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Соң сенаторлар той-бәзимлер, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер, марҳумлардың естелигине бағышланған илажлар өткерилиўин тәртипке салыў мәселесин көрип шықты.

Той-бәзимлер, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер, марҳумлардың естелигине бағышланған илажлар миллий руўхыйлығымыздың ажыралмас бөлеги есапланып, халқымыздың узақ жыллық қәдриятларын ҳәм дәстүрлерин өзинде сәўлелендиреди.

Бирақ кейинги ўақытларда шаңарақлық илажларды өткериўде даңқпаразлық, өзин көрсетиў, басқалардың социаллық жағдайын инабатқа алмаў, ысырапгершилик, халқымыздың үрп-әдетлерин ҳәм дәстүрлерин менсинбеўшилик сыяқлы иллетлер көзге тасланбақта.

Шаңарақлық илажларға байланыслы оғада үлкен артықша қәрежетлер жумсаў шаңарақлардың тек социаллық жағдайына емес, ал пүткил өмирине, қала берди, жәмийетимизде қәлиплескен руўхый орталыққа унамсыз тәсир етпекте. Талқылаўларға қарағанда, жас шаңарақлар арасындағы айырым ажырасыўлар тойларға байланыслы ҳалда келип шығып атырған машқалалардың ақыбетинде жүз бермекте.

Усы бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде ҒХҚ арқалы Республикалық «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры ҳәм «Нураний» қоры белсендилериниң мүрәжаты жәрияланды. Онда мәмлекетлик, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм кең жәмийетшилик ис-ҳәрекетлерин бирлестирген ҳалда бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға шақырылды.

Сенатта «Той-бәзимлер шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер, марҳумлардың естелигине бағышланған илажлар өткерилиўин тәртипке салыў ҳаққында»ғы қарар жойбары ислеп шығылды ҳәм быйылғы жылдың  5-25-март күнлери кең жәмийетшиликтиң додалаўынан өткерилди. Бул дәўирде телерадиоканаллар ҳәм баспасөзлерде жүзге шамалас материаллар жәрияланды. Жетекши интернет басылымлары ҳәм социаллық тармақларда жайластырылған материаллар 1,6 миллион мәрте оқылды. Кең улыўмахалықлық додалаўлар процесинде белсене қатнасқан 400 мыңнан аслам пуқара қарарды буннан былай да жетилистириў бойынша көплеген пикир-усынысларды билдирди.

Шаңарақлық илажларды тәртипке салыў жәмийет ушын да айрықша жәмийетлик әҳмийетке ийе екенлиги себепли, халық тәрепинен билдирилген пикир-усынысларды  инабатқа алып, бул мәселени тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетти жетик ислеп шығыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты  «Той-бәзимлер, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер, марҳумлардың естелигине бағышланған илажлар өткерилиўин тәртипке салыў ҳаққында»ғы қарарды қабыл етти.

Усы қарар менен той-бәзимлер, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер, марҳумлардың естелигине бағышланған илажлар өткерилиўин тәртипке салыўға тийисли жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў бойынша Республикалық жумысшы топар дүзилип, оның қурамы тастыйықланды. Жумысшы топардың тийкарғы ўазыйпалары етип усы мәселениң ҒХҚ, соның ишинде, интернет басылымларында жедел додаланыўын шөлкемлестириў, елимиздиң ҳәр бир аймағында шаңарақлық илажларды өткериў бойынша қәлиплескен өзине тән үрп-әдетлерди ҳәм дәстүрлерди халықтың қатнасыўында терең үйренип шығыўдан ибарат деп белгиленди. Жумысшы топарға додалаўлардың жуўмағы бойынша тийкарланған усыныслар ислеп шығыў ҳәм жойбарды Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатына көрип шығыў ушын усыныў тапсырылды.

Сондай-ақ, қарар менен Өзбекстан Республикасы Мәденият минстрлиги, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети, республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Республикалық Ҳаял-қызлар комитети, «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы, Өзбекстан автомобиль-транспорт агентлиги, Ишки ислер министрлиги, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерге той-бәзимлер, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер, марҳумлардың естелигине бағышланған илажлар өткерилиўин тәртипке салыўға байланыслы мәселелерди терең үйренип, Жумысшы топарға тийкарланған усыныс киргизиў тапсырылды.

Буннан тысқары, «Жәмийетлик пикир» жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў орайы халықтың кең қатламлары арасында  той-бәзимлер, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлерди ықшам ҳәм тәртипли өткериў бойынша социаллық сораў өткерип, Жумысшы топарға улыўмаласқан талқылаў мағлыўматын усыныўы тапсырылды.

Буннан соң сенаторлар Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Судының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Жалпы мәжилисте Олий Мажлис Сенаты ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер  көрип шығылды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Он төртинши жалпы мәжилис даўамында 20 мәселе, соның ишинде, елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыў. халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылында әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасын избе-из орынлаўға қаратылған 13 нызам көрип шығылды. Атап өтилгениндей, сенаторлар тәрепинен қабыл етилген қарарлар халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўдиң, елимиз аймағында қәўипсизлик орталығын жаратыўдың, пуқаралардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплериниң кепилликлерин буннан былай да беккемлеўдиң, елимизде турақлылықты ҳәм тынышлықты тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы болып хызмет етеди.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының он төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Сенатының

Мәлимлеме хызмети