Ферғанада Өзбекстан Республикасы ҳәм Қырғызстан Республикасы Бас министрлериниң басшылығында еки мәмлекеттиң шегаралас ўәлаятлары басшылары кеңесиниң биринши мәжилиси болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов ҳәм Қырғызстан Республикасы Бас министри С.Исаков еллеримиз арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықлары, дослық, жақын қоңсышылық ҳәм өз-ара исенимге тийкарланған бирге ислесиўди раўажландырыў және беккемлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар жаңа басқышқа көтерилгенин атап өтти.

Елимиздиң сыртқы сиясатында, бәринен бурын, қоңсы мәмлекетлер менен қатнасықларды раўажландырыўға үлкен әҳмийет қаратылмақта. Соңғы ўақытта Орайлық Азия еллери арасындағы шериклик байланыслары жеделлесип атырғаны буны айқын дәлиллейди. Соның ишинде, Қырғызтан Республикасы менен бирге ислесиў жаңа мазмун менен байып бармақта. Парламентлер, түрли министрликлер ҳәм ведомстволар, аймақлар арасында байланыслар барған сайын кеңеймекте.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл 5-6-сентябрь күнлери Қырғызстанға мәмлекетлик сапары ўақтында Өзбекстан Республикасының шегараалды ўәлаятларының ҳәкимлери ҳәм Қырғызтан Республикасы ҳүкиметиниң шегараалды ўәлаятларындағы ўәкилликли ўәкиллери кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында ҳүкиметлераралық түсинисиў меморандумына қол қойылған еди. Бул кеңес тәреплердиң өз-ара бирге ислесиўин раўажландырыў, турақлы монтиорингти ҳәм талқылаўды алып барыў, әсиресе, шегараалды ўәлаятлар арасында қатнасықларды беккемлеў, ҳәр қыйлы усыныслар ислеп шығыў ҳәм машқалаларды әмелий шешиўде үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.

Мәжилисте шегараалды аймақлар арасында өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў, саўда-экономикалық, инвестициялар тартыў, туризм, мәдений ҳәм ағартыўшылық тараўларында байланысларды кеңейтиў, Өзбекстан-Қырғызстан мәмлекетлик шегарасында пуқаралар ушын шараятларды жақсылаў ҳәм қадағалаў-өткериў пунктлериниң санын көбейтиў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды.

Соны айрықша атап өтиў керек, қысқа ўақыт ишинде шегараалды ўәлаятлар арасында жақсы қоңсышылық байланыслар жолға қойылды. Наўрыз байрамы қарсаңында Боткен ўәлаяты делегациясы Ферғана ўәлаятына, Жалалабад ўәлаяты делегациясы Наманган ўәлаятына келди, Ош қаласынан болса Әндижан қаласына дослық сапары шөлкемлестирилди. Экономикалық, мәдений-ағартыўшылық байланыслар және де беккемленди.

Илаж шеңберинде Ферғана, Әндижан ҳәм Наманган ўәлаятларындағы санаат кәрханалары ҳәм исбилерменлер ислеп шығарып атырған өнимлердиң көргизбеси шөлкемлестирилди. Қоңсы елдиң ўәкиллери қатнасып атырған көргизбеде бир қатар пайдалы шәртнамаларға қол қойылды.

-Өзбекстан менен Қырғызстан арасында барлық тараўларда бирге ислесиў жолға қойылып атырғаны еки тәреп ушын да үлкен имканиятлар жаратпақта,-дейди Қырғыстан Республикасы инвестицияларды тартыў ҳәм қорғаў агентлиги директоры Э.Момунқулов.-Елимизде Өзбекстанда ислеп шығарылып атырған өнимлерге талап күшли. Ҳәзирги күнде автомобильлер, аўысық бөлеклер, трикотаж өнимлерин сатып алмақтамыз. Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен дүнья бойлап инвестициялар тартыў, исбилерменлер ушын қолайлы исбилерменлик орталығын жаратып бериў бойынша әмелге асырылып атырған үлкен жумыслар мақтаўға ылайық. Биз өзбекстанлы исбилерменлер менен туризм тараўында да бирге ислесиўди жолға қойыўды мақсет еткенбиз.

Мәжилисте шегараалды ўәлаятлар арасында дослық байланысларын буннан былай да беккемлеў, перспективалы ҳәм кең көлемли бирге ислесиў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Кеңестиң гезектеги мәжилисин Қырғызстан Республикасында өткериўге келисип алынды.

Көрилген мәселелер бойынша протоколға қол қойылды.

М.СУЛАЙМАНОВ,

ӨзА ның хабаршысы