«Қарақалпақ әдебияты» газетасы өткен жылы сентябрь айында Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен қаржыландырылған «Гөззал ҳәм бийтәкирарымсаң, муқаддес Ўатаным, жаным саған пидә, Өзбекистаным! таңлаўы номинациясы тийкарында «Жас әўладларды Ўатан сүйиўшилик руўҳында тәрбиялаўда әдебияттың роли» атамасындағы жойбары менен мәмлекетлик грант жеңимпазы болған еди.

Бул жойбар Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги менен бирликте шөлкемлестирилген болып, оның тийкарғы мақсети – өсип киятырған жас әўладтың санасында өз елиниң, туўылған жериниң тарийхы, халқымыздың бай әдебияты менен мәдениятының бүгинги ерисип атырған жетискенликлери бойынша пән оқытыўшыларының ис-тәжирийбесин жетилистириў арқалы ғәрезсиз елимиздиң табысларын және де беккемлеўге, жасларда ана-Ўатанға деген сүйиспеншилик сезимлерин тәрбиялаўға ерисиў болып табылады.

Жақында усы жойбардың жуўмақланыўына байланыслы әнжуман болып өтти.

Илажды сенатор, жойбар баслығы Г.Аннақлычева алып барды.

Оған әдебиятшы илимпазлар, жазыўшылар, шайырлар, республикамыздың барлық қала ҳәм районларындағы улыўма билим бериў мектеплери менен кәсип өнер колледжлери ҳәм академиялық лицейлердиң қарақалпақ, өзбек, орыс тили пән оқытыўшылары, пуқаралық жәмийети институтларын мониторинг етиў бийғәрез институтының қәнигелери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда пән оқытыўшыларының «Ўатан темасы-баслы идеямыз», «Ана-Ўатан түсиниги егиз ҳәм муқаддес», «Ана Ўатанды сүйиўди жаслар санасына жеткериў-баслы мақсетимиз», «Ўатанды сүйиў ийманнандур» атамасындағы баянатлары тыңланды.

Әнжуман жуўмағында жойбарда белсендилик көрсеткен бир қатар оқытыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы