Елимизде лимон нәллерин жетистириў ҳәм ыссыхана хожалықларын жедел раўажландырыў, тараўдың экспорт потенциалын буннан былай да беккемлеў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Бунда Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 6-марттағы «Өзбекстан Республикасында лимоншылық тараўын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болды. Лимон нәллерин жетистириўди буннан былай да раўажландырыў, экспорт көлемин арттырыў мақсетинде «Лимон жетистириўшилер ҳәм экспорт  етиўшилер» ассоциациясын шөлкемлестириў режелестирилмекте.

Жоқарыдағы қарар менен 2018-2021-жылларда лимон атызларын көбейтиў ҳәм жетистириў, оны экспортқа етиўдиң улыўма болжаў көрсеткишлери тастыйықланды. Усыған муўапық республикамызда  2018-2021-жылларда 33 гектар лимон атызларын пайда етиў, соннан 1850 тонна өним жетистириў режелестирилдмекте.

Усы қарардың мазмун-мәнисин кеңнен түсиндириў, лимон нәллерин жетистириў ҳәм ыссыхана хожалықларын шөлкемлестириў бойынша Бухара ўәлаятында оқыў-семинар болып өтти. Онда Бухара, Наўайы, Хорезм ўәлаятларынан ҳәм Қарақалпақстаннан тоғай хожалықлары, фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеслериниң, академик М.Мирзаев атындағы бағшылық, жүзимшилик ҳәм виношылық илим-изертлеў институты Қарақалпақстан бөлиминиң жуўаплы хызметкерлери, фермер хожалықларын баслықлары менен қыйтақ жер ийелери қатнасты.

Илажда академик М.Мирзаев атындағы бағшылық, жүзимшилик ҳәм виношылық илим-изертлеў институты, Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң илимпазлары тәрепинен лимон нәллерин ресурсүнемлеўши усылда жетистириў ҳәм көбейтиў технологиясын енгизиў, лимонда ушырасатуғын кеселликлер ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў илажлары бойынша кең түрде түсиник берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.