Алдын хабар еткенимиздей, елимизде дөретиўшилик сапарда болып турған Уллыбританияның жәҳәнге белгили Би-Би-Си телерадиокорпорациясының дүньяжүзилик хызмети дөретиўшилик жәмәәти Арал машқаласы туўралы қысқа метражлы фильмди сүўретке алыў жумысларын жуўмақлады.

Журналист ҳәм продюсер Рустам Қабыл, видеопродюсер Пол Ҳаррис төрт күн даўамында Мойнақ районында, Арал теңизи жағалаўларында болып, экологиялық апатшылықты сапластырыў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды сүўретке алды. Соның менен бирге, тоғай хожалығы тәрепинен Арал теңизиниң қурыған майданларында сексеўил, қандым, черкез сыяқлы дузға ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлерди туқымнан және нәлден егиў жумыслары менен танысты. Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын 2017-2018-жылларда социаллық жақтан раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары шеңберинде әмелге асырылған жойбарлар, халықтың денсаўлығын сақлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды көзден өткерди, район турғынлары менен сәўбетлести.

-Өзиниң көрсетиўлери менен еситтириўлерин дүнья жүзиниң 40тан аслам тиллеринде алып баратуғын Би-Би-Си телерадиокорпорациясы глобал ықлым өзгериўи ҳәм экологиялық машқалалардың ақыбетлерин сапластырыў бойынша дүркин қысқа метражлы фильмлерди сүўретке алыў жумысларын баслады,-дейди журналист-продюсер Рустам Қабыл.- Буның ушын усы машқалаларды сапластырыўда соңғы жыллары жақсы нәтийжелерге ерисип атырған жәҳәнниң он мәмлекети, соның ишинде Өзбекстан таңлап алынды. Фильмди сүўретке алыўдағы мақсетимиз Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Арал апатшылығының ақыбетлерин сапластырыў, экологиялық аймақта жасаўшы халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларды жәҳән жәмийетшилигиниң итибарына жеткериў болып табылады.

-Өзбекстанда, соның ишинде Қарақалпақстанда биринши мәрте болыўым,-дейди видеопродюсер Пол Ҳаррис.-Сүўретке алыў процесиниң суўық күнлерге туўра келиўи бираз машқалаларды пайда етти. Солай болса да, халқыңыздың миймандослығы, мәденияты менен миллий үрп-әдетлери менде айрықша тәсир қалдырды.

Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар жәҳән жәмийетшилигиниң айрықша қызығыўшылығын оятпақта. Келешекте усы жетискенликлер туўралы фильм алыўды мақсет етип отырмыз. Ўақыттың азлығынан Қарақалпақстан, оның пайтахты Нөкис қаласындағы қурылыс және дөретиўшилик ислер менен толық танысыў имканияты болмады. Деген менен, дүньяға белгили И.В.Савицкий атындағы көркем өнер музейи экспонатларын тамаша етиўге ўақыт тапқанымнан қуўанышлыман.

Би-Би-Си телерадиокорпорациясының дүньяжүзилик хызмети дөретиўшилик жәмәәти тәрепинен сүўретке алынған бул фильм жақын күнлерде тамашагөйлер нәзерине усынылады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.