Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2017-жыл 29-марттағы ПҚ-2857-санлы ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 13-сентябрьдеги 718-санлы қарарына муўапық, усы жыл 2-февральда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм бир қатар министрликлер менен шөлкемлердиң бирликтеги «Саламатлық мектеплерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қоспа қарары қабыл етилген еди.

Оның жумысларын турақлы түрде үйренип барыў мақсетинде мониторинг топары дүзилип, усы күнге шекем бир қатар илажлар әмелге асырылды.

Соннан, Беруний районында «Саламатлық мектеплери»н шөлкемлестириў, патронаж хызметин еле де жақсылаў мақсетинде айтарлықтай жумыслар исленген. Бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте семинарлар шөлкемлестирилип, қала ҳәм районлардан келген қәнигелер тәрепинен районда жасайтуғын халықтың социаллық жағдайы менен танысыў, машқалаларын анықлаў ҳәм оларды сапластырыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў илажлары әмелге асырылған.

Райондағы 13 АПЖ ҳәм 37 МПЖда жасайтуғын 29 мыңнан аслам хожалықларға бирме-бир кирип шығылып, 38 мыңға шамалас хожалық пенен сәўбетлесиўлер өткерилген.

Нәтийжеде 4627 үлгили, 24 мың 599 қанаатландырарлы, 1106 патронаж хызметине мүтәж шаңарақлар анықланған. Ал, 7502 шаңарақтың системалы түрде патронаж хызмети менен қамтылыўы зәрүрлиги мәлим болған.

Буннан басқа анықланған машқалаларды өз орнында сапластырыў мақсетинде 4 «Саламатлық бригадасы» шөлкемлестирилип, пуқаралар медициналық тексериўден өткерилип, саламатластырыў жумыслар әмелге асырылмақта.

– Барлық қала ҳәм районлардағы улыўма билим бериў мектеплеринде, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде, колледж, лицей ҳәм мәҳәллелерде үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң аналық ҳәм балалықты қорғаў бөлиминиң бас қәнигеси З.Сийпатдинов. – Атап айтқанда, 5-10-февраль күнлери «1-7 жас аралығындағы балалардың аўқатланыўы», 12-17-февраль күнлери «Вируслы гепатит ҳәм оның алдын алыў», 19-24-февраль күнлери «Қаныазлықтың алдын алыў», 26-февральдан 3-март күнлери аралығында «Өспиримлердиң репродуктивлик саламатлығы», 5-10-март күнлери «Медициналық тексериў ҳәм оның әҳмийети», 12-17-март күнлери «Саламат анадан саламат бала туўылыўы – ең үлкен бахыт», 19-24-март күнлери «Жас шаңарақ саламатлығы», 26-31-март күнлери «Өспирим қызлардың гигиенасы» темаларында ушырасыўлар өткерилип, үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Қарар бойынша жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.