Усы жылдың 2-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң тәбияттаныў факультетинде «1-апрель – Халық аралық қуслар күни» мүнәсибети менен «Қуслар – бәҳәр елшиси» атамасында илимий семинар болып өтти. Семинарды факультет деканы Ә.Есимбетов ашты ҳәм басқарып барды. Илажда Өзбекстан қусларды қорғаў жәмийетиниң Қарақалпақстан филиалы және университеттиң экология ҳәм топырақтаныў кафедрасының баслығы Я.Әметов шығып сөйлеп, қуслардың көбейиўи, жасаў шараятлары, усы бағдардағы инсан факторы ҳаққында жыйналғанларға кең түрде мағлыўмат берип өтти. Буннан соң Қусларды қорғаў жәмийети Қарақалпақстан филиалының ағзасы, факультеттиң биология кафедрасының ассистент-оқытыўшысы И.Әрепбаев ақ қуйрықлы суў бүркитиниң Қарақалпақстан аймағында уя салыўы ҳаққында қызықлы мағлыўматларға бай болған баянат жасады. Семинарда факультетте дүзилген «Отус» клубының ағзалары да сөзге шығып, Қарақалпақстан аймағында жасайтуғын қуслар ҳаққында мағлыўматлар берди.

Семинарға Нөкис қаласындағы бирнеше мектеплердиң оқыўшылары да қатнасты. Илаждың екинши – әмелий бөлиминде мектеп оқыўшылары арасында қуслардың жасаў шараятлары ҳәм басқа да көринислери сәўлеленген сүўретлер таңлаўы өткерилди ҳәм қатнасыўшы оқыўшылар факультет жәмәәти тәрепинен таярланған саўғалар менен сыйлықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.