Пайтахтымызда еки күн даўамында стоматологияның әҳмийетли мәселелерине бағышланған республикалық конференция болып өтти. Оған Ташкент қаласы, Әндижан, Бухара ўәлаяты ҳәм республикамыздың қала ҳәм районларынан келген тараў басшылары ҳәм қәнигелери қатнасты.

Илаждың биринши күнинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында жалпы мәжилис өткерилди.

Оны Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Д.Ходжиев алып барды.

Илажда Өзбекстан Республикасы стоматологлар ассоциациясының баслығы А.Хасанов, Ташкент мәмлекетлик стоматология институты ректоры, профессор Ж.Ризаев, усы институт профессорлары М.Азимов, Л.Хасанова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы режелер туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Конференция қатнасыўшылары балаларда ушырасатуғын одонтогенли остеомиелит кесселлигиниң ҳәзирги медицинадағы емлеў усыллары ҳәм диагностикасындағы кемшиликлери, Ташкент қаласында өткерилген «Өмир даўамында көзди қамастыратуғын күле шырай» бағдарламасын әмелге асырыўда топланған тәжирийбелери, аўыз бослығы силекей қабатында ушырасатуғын кеселликлерди комплексли емлеўдиң заманагөй усыллары ҳәм басқа да тараўда ерисилген жаңалықлар, тәжирийбелер менен танысты.

Илажда белсендилиги менен көзге түсип киятырған бир қатар тараў хызметкерлерине Өзбекстан Стоматологлар ассоциациясының көкирек белгиси, Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Соң Конференция қатнасыўшылары секцияларға бөлинип мәжилис өткерди. Онда стоматологияда енгизилген жаңа технологиялар менен танысып, тараўға байланыслы бир қатар мәселелер бойынша пикир алысыўлар, тәжирийбе алмасыўлар әмелге асырылды.

Илаждың екинши күни республикалық клиникалық емлеўханада, стоматологиялық поликлиникада мастер класс өткерилди. Онда қәнигелер терең медициналық тексериўден өткериўдиң, заманагөй усыл, материал ҳәм әсбапларды қоллаў менен тислерди тиклеўдиң сырлары, имплантация тийкарлары туўралы мағлыўматлар берип, тәжирийбе алмасты.

Илаж қатнасыўшылары көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасын тамашалап, пайтахтымыздағы И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхат етти.

Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери).