Бүгин республикамыздың барлық жоқары оқыў орынларында «Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының жигирма бес жыллығы» атамасында ушырасыўлар болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслықлары, суд, прокуратура, ишки ислер уйымларының басшылары, жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары, қәнигелери, студент-жаслар қатнасты.

 Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде өткерилген ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Әдиллик министрлигиниң бөлим баслығы Ә.Өтеўлиев, Нөкис районлараралық экономикалық судының баслығы Б.Убайдуллаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлады.

Илажда өзинде инсаныйлық идеяларды жәмлеген, инсан ҳуқықларын ҳәм ҳүждан еркинлигин тәмийинлеўши бул нызам ҳәм оның әҳмийети туўралы кеңнен түсиник берилди. Атап өтилгениндей, мине усы Конституция 25 жылдан берли республикамызда жәмийеттиң дәўир талабына сәйкес раўажланыў процесине унамлы тәсир тийгизетуғын, оны ретлестиретуғын ҳәм тәртипке салатуғын юридикалық ҳүжжет болып келмекте. Конституциямыз бүгинги жедел пәт пенен өзгерип атырған дүньядағы процесслердиң барлық сынақларынан табыслы өтип келмекте.

Байрамға бағышланған илажлар даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

(Б.Ибрагимовтың түсирген сүўретлери).