Хожели мәмлекетлик тоғай хожалығында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 27-январьдағы «Өзбекстан Республикасында боян ҳәм басқа дәрилик өсимликлерди жетистириў және санаат усылында қайта ислеўди буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарынан келип шығатуғын ўазыйпаларға бағышланған әмелий-оқыў семинары болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары С.Хожаметов, Өзбекстан Республикасы тоғай хожалығы комитети жанындағы «Шыпабағыш» дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм оны қайта ислеў орайының баслығы А.Маматкәримов, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының профессоры М.Ибрагимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, боян өсимлигиниң халық хожалығындағы әҳмийети, дәрилик қәсийетлери ҳәм оны көбейтиўде аймағымыздың топырақ-ықлым шараятының қолайлығы, оны көбейтиў усылларына тоқтап өтти. Сондай-ақ, илимпазлар тәрепинен боян егиў, оны тәрбиялаў, жыйнап-терип алыў, санаат усылында қайта ислеў бойынша мәсләҳәтлер берилди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёев өткен жылдың 15-16-декабрь күнлери республикамызға сапары ўақтында фармацевтика тараўының келешегин жоқары баҳалап, дәри-дәрмақ қураллары, медициналық буйымларды ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў, ишки базарларымызды өзимизде ислеп шығарылған жоқары сападағы препаратлар менен толтырыў бағдарындағы әмелге асырылатуғын перспективалы жойбарларды енгизиў бойынша көрсетпелер берип,  бул бағдарда қәнигелер таярлаў зәрүрлигин атап өткен еди. Соның менен бирге, республикамыздың топырақ-ықлым шараяты боян өсимлигин көбейтиў ушын қолайлы, соның ушын да оны мәденийлестирилген ҳалда көбейтиўди жолға қойыў кереклигине тоқтап өтилди.

Жоқарыда атап өтилген қарарды орынлаў шеңберинде «Боян ҳәм дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм оны қайта ислеў шөлкемлери» бирлеспеси дүзилди.

Илажда боян өсимлигин көбейтиў усыллары, оны егиў және жетистириў технологиялары, жыйнап алыў, медицинада ҳәм азық-аўқат санаатында қолланыў бойынша илимпазлар тәрепинен зәрүр мағлыўматлар берилди.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.