Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик шегарасындағы автомобиль жолы (пиядалар жолы) өткериў пунктлери арқалы бажыхана шегарасын кесип өткенде 300 АҚШ доллары муғдарына шекем бажыхана төлеми өндирилмейди. Бул ҳаққында Qalampir.uz сайты хабар бермекте.

Физикалық шахслар 300 АҚШ долларына шекемги қунлылықтағы товарларды бажыхана декларациясын толтырмастан алып өтиўи мүмкин. Сондай-ақ, айрым түрдеги товарлар ушын алып өтиўдиң төмендеги нормалары тастыйықланды:

– Гүриш 3кг;

– Нан өнимлери 5 кг;

– Гөш ҳәм гөш өнимлери 2 кг;

– Қумшекер 2 кг;

– Өсимлик майы 2 кг;

– Жаңадан үзилген мийўе-палыз өнимлери, жүзим, палыз, дәнли егинлер, сондай-ақ, қақланған палыз өнимлери ҳәм мийўелер – 40 кг ға шекем;

– Алкоголь өнимлери, соның ишинде пиво 2 литрге шекем;

– Барлық түрдеги темеки өнимлери 10 қутыға шекем;

– Әтир ҳәм усы сыяқлы суйықлықлар 3 данаға шекем;

– Қымбат баҳалы металл ҳәм қымбат баҳалы таслардан исленген зергерлик буйымлары 65 граммға шекем.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги