Бурын хабар етилгениндей, усы жылдың 17-март сәнесинен баслап «Үмит нәлшелери-2018» спорт жарысының Қарақалпақстан республикалық басқышы өткерилди.

Онда спорттың 21 түри бойынша республикамыздан 10 мыңнан аслам спортшылар қатнасты.

Спорт ойынларын ең дәслеп спорт гимнастикасы түри баслап берген болса, буннан соң, избе-из түрде өткерилген спорт жарысларында жеңимпазлар анықланды.

Атап айтқанда, командалық есапта шахмат бойынша Тақыятас, таэквондо ВТФ бойынша Хожели, өзбек жаўынгерлик өнери бойынша Қараөзек, футбол бойынша Төрткүл, бокс бойынша Қоңырат, волейбол бойынша Қараөзек районының ер балалар командасы, бадминтон, стол тенниси, жүзиў, дзюдо, белбеўли гүрес, еркин гүрес, грек-рим гүреси, кураш, көркем гимнастика, гандбол, спорт гимнастикасы, жеңил атлетика, аўыр атлетика, туран жеке гүреси, баскетбол, волейбол спорт түри бойынша командалық есапта Нөкис қаласы спортшылары биринши орынды ийелеп, толық жеңимпаз болды.

 

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған қымбат баҳалы қол телефоны, медаль ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.

Еслетип өтемиз: «Үмит нәлшелери-2018» спорт жарысының финал басқышы жеңимпазлары, сондай-ақ, сыйлы орынды қолға киргизген командалар ҳәм спортшылар, командалық есапта 1-орынды ийелеген қала ҳәм район командалары Өзбекстан Республикасы Президенти саўғасы «Damas» автомобили менен сыйлықланады.

Сыйлықлаў мәресими усы жыл 19-май күни «Жаслық ҳәм спорт байрамы» сыпатында пайтахтымыздағы амфитеатрда өткерилиўи режелестирилмекте. Сондай-ақ, илажда жәҳән ҳәм континент чемпионлары, олимпиада жеңимпазларының көргизбели шығыўлары, белгили көркем өнер шеберлериниң, эстрада қосықшыларының концерт бағдарламалары орын алады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги